Қарақалпақстанда да бул бағдарда кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Президентимиздиң басламасына тийкарланып шарўашылықты қоллап-қуўатлаў ҳәм оған байланыслы тармақларды раўажландырыў бойынша бир қатар илажлар белгиленген.
Усы жылы қабыл етилген ПҚ-57-санлы қарар шеңберинде Беруний районында “Беруний-Агро Стар” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жумысы жолға қойылды. Бул кәрхана тәрепинен шарўа от-жемлериниң резервлерин жаратыў, бул бағдарда жаңа аграр жойбарларды әмелге асырыў бойынша жумыслар алып барылмақта. Бул басламалар аймақта шарўашылықты раўажландырыўға хызмет етпекте.
Беруний районындағы “Юлдашев Каримбой” фермер хожалығында әмелий жумыслардың нәтийжеси сыпатында 11,5 гектар жер майданында “Юпитер” атлы гибрид жүўери сортын жетистириў жумыслары жолға қойылды. Бул жойбар үш тәреплеме шәртнама тийкарында әмелге асырылған болып, дийқан хожалығы ушын да экономикалық пайда келтирмекте. Жоқары өнимдарлыққа ийе болып, 50 центнерден зүрәәт берген.
Ҳәзирги ўақытта зүрәәтти жоқары сапалы комбайнлар жәрдеминде жыйнап алыў жумыслары басланған. Ең әҳмийетлиси, қысқы мәўсим ушын шарўа от-жеминиң тийкарғы дәреги есапланған силос траншеяларда сақланбақта. Бул болса аймақта шарўашылық жумысын турақлы даўам еттириўге тийкар жаратады.
Шарўа от-жемин жетистириўге қаратылған бундай жойбарлар тараўды модернизациялаў, аўыл хожалығында нәтийжелиликти арттырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде әҳмийетли орын ийелейди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.