ЕА арнаўлы ўәкили Европа Кеңеси Президенти Антониу Кошта ҳәм Еврокомиссия Президенти Урсула фон дер Ляйенниң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Усы жылдың апрель айында Самарқанд қаласында өткен "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммитинде қабыл етилген қарарларды әмелге асырыў шеңберинде еки тәреплеме ҳәм регионаллық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.
Инвестициялық ҳәм финанслық-техникалық бирге ислесиў бойынша улыўма баҳасы 12 миллиард евро муғдарында анық жойбарларды тез пурсатта таярлаў ҳәм алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.
Регионаллық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысылды, сондай-ақ, болажақ илажлар режеси көрип шығылды.