Шавкат Мирзиёев Пакистан Ислам Республикасы Сенатының Баслығын қабыллады

    Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Президент Асиф Али Зардарий ҳәм Бас министр Шаҳбоз Шарифтиң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-апрель күни Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей Ассамблеясы шеңберинде Пакистан Ислам Республикасы Сенатының Баслығы Юсуф Ризо Ғилоний басшылығындағы делегацияны қабыллады.

    Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Президент Асиф Али Зардарий ҳәм Бас министр Шаҳбоз Шарифтиң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

    Өзбекстан-Пакистан стратегиялық шериклик қатнасықлары избе-из раўажланып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

    Өз-ара саўда көлеми, қоспа кәрханалар ҳәм тиккелей авиақатнаўлар саны артпақта, еки мәмлекеттиң жетекши компанияларының қатнасыўында бизнес форумлар ҳәм көргизбелер турақлы өткерилмекте.

    Жақында Өзбекстанға әмелге асырылған жоқары дәрежедеги тарийхый сапар даўамында ерисилген келисимлердиң нәтийжели орынланыўын тәмийинлеўде парламентлердиң ролин күшейтиўге айрықша итибар қаратылды.

    Саўда-экономикалық, инвестиция ҳәм транспорт тараўларындағы тийкарғы жойбар ҳәм бағдарламаларды жеделлестириў, соның ишинде, Трансаўған жолының қурылысын алға қойыў, сондай-ақ, аймақлараралық бирге ислесиў ҳәм гуманитарлық алмасыўды кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    No date selected
    May 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates