Шавкат Мирзиёевтиң туўылған күни мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўлар келмекте

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев бүгин, 24-июль күни өзиниң 68 жасын белгилемекте.

    Усы мүнәсибет пенен сырт мәмлекетлер, ҳүкиметлер, парламентлер, абырайлы халықаралық шөлкемлер, жетекши сырт ел компанияларының басшылары, белгили жәмийетлик, дин ҳәм спорт ғайраткерлери, мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан ҳәм сырт елдеги ўатанласларымыздан қызғын қутлықлаўлар келмекте.

    Хатларда Өзбекстан Президенти басшылығында халықтың абаданлығын арттырыў, мәмлекеттиң турақлылығын ҳәм избе-из раўажланыўын тәмийинлеў, оның халықаралық абырайын беккемлеўге қаратылған артқа қайтпайтуғын сиясий реформалар ҳәм социаллық-экономикалық жаңаланыўлар бағдарламасын нәтийжели әмелге асырыў бағдарында ерисилген жоқары нәтийжелер атап өтилген.

    Президентимизге беккем денсаўлық ҳәм жуўапкершиликли мәмлекетшилик жумысында жаңа табыслар, Өзбекстанның көп миллетли халқына болса тынышлық-парахатшылық, абаданлық ҳәм раўажланыў тилеклери билдирилген.

    Сондай-ақ, бүгин мәмлекетимиз басшысының көплеген мәмлекетлердиң жетекшилери менен телефон арқалы сөйлесиўлери режелестирилген.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates