Хызмет көрсетиў ҳәм саўдаға қәнигелескен мәҳәлледе 4 мың халық жасайды. Бәнтликти тәмийинлеў бойынша жаңа системаға муўапық, банклердиң қатнасыўында мәҳәллениң ишки имканиятлары жүзеге шығарылмақта. Өткен жылы жүзге шамалас халық жумысқа жайластырылған, 256 сы өзин-өзи бәнт еткен, 13 и исбилерменлик жумысын баслаған. Еки өндирис кәрханасы, онлаған саўда ҳәм турмыслық хызмет шақапшалары адамларға қолайлық жаратпақта.
Мәҳәлледе көшелер абат, шаңарақлар тәртипли. Билимлендириў ҳәм медицина мәкемелери, спорт майданшалары, оқыў орайы, амфитеатр, өнерментлер ҳәм мәлимлеме-китапхана орайлары жумыс алып бармақта. Ҳәзир, әсиресе, нураныйлар мәканы толы.
Мәмлекетимиз басшысы бул жерде шөлкемлестирилген сүмелек сейилинде қатнасты, мәҳәлле белсендилери, нураныйлар менен қызғын сәўбетлести. Сөйлесиўде усы жылғы режелер, соның ишинде, тынышлық-татыўлықты сақлаў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳаққында сөз болды.
- Мәҳәллеңиздеги абатлықты, адамлардың кейпиятын көрип, қуўандым. Ўақты-ўақты менен барлық районлардағы имканиятларды арттырамыз. Буның ушын ең тийкарғысы - тынышлық-татыўлық керек. Бурын шегараларымызда жағдай қандай еди? Салмақлылық пенен, сиясий ерк-ықрар менен барлық мәселелерге шешим таўып атырмыз. Барлық жумысларды төменги системада шөлкемлестиргенимиз ушын 10 мыңға шамалас мәҳәллениң жағдайы айқын көзге тасланады. "Мәҳәлле жетилиги" арқалы шаңараққа жетип барылмақта. Адамлардың дәраматын арттырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, жаслар сиясатында еле жумысларымыз көп. Соның ушын билимлендириўге, ул-қызларды оқытыўға үлкен итибар бериўимиз керек. Жаслары билимли ҳәм мәнаўиятлы жәмийет, әлбетте, абаданлыққа ериседи, - деди Шавкат Мирзиёев.
Роҳат мәҳәллесинде улыўма билим бериў мектеби, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби, "Бәркамал әўлад" орайы, академиялық лицей жумыс алып бармақта. Жақында жаңа мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми қурып питкерилди. Булар да жаслардың ағартыўшылығын арттырыўға хызмет етеди.