Шахслардың банк карталарындағы пулларын талан-тараж етиўди тоқтатыў илажлары көриледи

    6 мамыр 2025 821

    Бул тәртип ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Мәлимлеме технологиялары жәрдеминде жүз беретуғын жынаятларға қарсы гүресиў жумысын және де күшейтиўге қаратылған илажлар ҳаққында"ғы қарарында атап өтилди.

    Қарар менен пуқаралардың банк карталарындағы пулларын талан-тараж етиўди тоқтатыў мақсетинде банклер, төлем системасы операторлары ҳәм төлем шөлкемлерине заманагөй антифрод ҳәм антивирус қорғаў системаларын енгизиў және алдаўшылар тәрепинен жалған номерлер арқалы пуқараларға қоңыраў етиўлерин техникалық (имканиятсыз етиў) шеклеў сыяқлы илажлар белгиленди.

    Усы жылдан баслап, ҳәр жылы бир ай даўамында "Кибермәдениятты раўажландырыў айлығы" комплексли үгит-нәсият айлығын өткериў ҳәм үгит-нәсият жумысларын тараўға байланыслы барлық мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер тәрепинен жедел түрде алып барыў арқалы халықтың санлы иммунитети ҳәм хабардарлығын арттырыўдың турақлы системасы жолға қойылады.


    No date selected
    July 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates