Шайхонтоҳурда хызмет тараўлары драйвер болады

    Сиясат 10 шілде 2025 3966

    Мәмлекетимиз басшысы Ташкент қаласы Шайхонтоҳур районындағы Янги Камолон мәҳәллесинде болды.

    Мәмлекетимиздеги реформалардың "дем"и ҳәр бир аймаққа кирип бармақта. Халықтың бәнтлиги ҳәм турмыс мәдениятына қаратылып атырған итибар бул мәҳәлледе де көзге тасланады. Көп қабатлы турақ жайлар, дүканлар, пуқаралар жыйыны имараты заманагөй көриниске ийе. Ишки жоллар тегисленип, әтирапы көклемзарластырылған. Сулыў сейил етиў орны ҳәм пиядалар жолы, нуранийлар дем алыў орны, спорт ҳәм балалар майданшалары қурылған.

    Жаңа Камолон мәҳәллесинде 4 мың 600 ден аслам халық жасайды. 60 тан аслам саўда ҳәм хызмет көрсетиў шақапшаларында мәҳәлле жаслары жумыс пенен бәнт. Быйыл өнерментлер дәргайы, атыз өнимлери ҳәм кондитерлик дүканлары, нанбайхана шөлкемлестирилди, жеке меншик медицина пункти ашылды. Нәтийжеде мәҳәлле жумыссызлықтан жырақ аймаққа айланды.

    Усы жерде Шайхонтоҳур районы "Реформалар штабы"ның жумысы ҳаққында мәлимлеме берилди.

    - Шайхантаҳурда өнерментшилик әзелден болған. Бүгин де районда адамларды жумыс пенен, дәрамат пенен тәмийинлеўде бул үлкен дәрек. Соның ушын Шайхантаҳур мысалында хызметлер тараўын раўажландырыў бойынша жаңа илажлар режесин қабыл етемиз, - деди Шавкат Мирзиёев.

    Халықтың қәўипсизлигин тәмийинлеў, жынаятлардың алдын алыў мақсетинде мәҳәлле инспекторының бөлмесинде ситуациялық орай шөлкемлестирилген. Оған көп қабатлы турақ жайлардың коридорларындағы бақлаў камералары ҳәм ишки ислер системасының қәўипсизлик бағдарламалары байланысқан. Быйыл мәҳәлледе бирде-бир жынаят болмаған.

    "Янги Камолон" басқарыў сервис компаниясы мәҳәлледеги 21 көп қабатлы жайға хызмет көрсетеди. Усталар ҳәм арнаўлы техникалар бәрқулла таяр жағдайда. Есап-санақларда биллинг системасы жолға қойылған. Быйыл орайлық ыссылық қубырлары изоляцияланды, электр тармақлары ҳәм турақ жайлардың жоллары оңланды. Айырым үйлерге жаңа лифтлер орнатылды.

    Мәмлекетимиз басшысы келешекте басқарыў сервис компаниясының имаратларын көп қабатлы етип қурып, жаслар ушын кәсип-өнер оқыўлары, турмыслық хызмет шақапшаларын жайластырыў бойынша көрсетпе берди. Бул жердегидей киши китапханаларды басқа мәҳәллелерде де шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    Мәҳәлле әйўанында халық пенен қызғын сәўбет болды.

    - Кейинги жыллары көп кәрханалар ашылды, экономика өспекте. Соның менен бирге, жасларымыз да жетисип киятыр. Олардың тәлим-тәрбиясы, денсаўлығы, жумыс орынларын ҳәзирден ойлаўымыз керек. Соның ушын быйыл Ташкент қаласына 8 миллиард доллар инвестиция алып келмектемиз. Соның есабынан Шайхантаҳурда да жаңадан-жаңа жумыс орынлары, билимлендириў дәргайлары, инфраструктура имаратлары болады, - деди Президент.

    Нураний ата ҳәм аналар елимиздеги өзгерислерден қуўанышлы екенин атап өтип, халқымызға тынышлық-абаданлық тилеп пәтия етти.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates