Усы мүнәсибет пенен шөлкемлестирилген салтанатлы илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң баспасөз хаткери Шерзод Асадов мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң система хызметкерлери ҳәм ветеранларына байрам қутлықлаўын оқып еситтирди.
Қутлықлаўда ишки ислер системасын халықшыл ҳәм нәтийжели структураға айландырыў бойынша кейинги жылларда әмелге асырылған кең көлемли реформалар нәтийжесинде мәмлекетимизде тынышлық-татыўлық орталығын беккемлеў, пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша беккем тийкар жаратылғаны атап өтилген.
Жынаятшылықтың алдын алыў, мәҳәллелерде қәўипсиз орталық жаратыў, санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллект имканиятларынан пайдаланған ҳалда жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў, кибержынаятшылық ҳәм нәшебентликке қарсы гүресиў тараўында ерисилип атырған жетискенликлер менен бирге, тараў алдында турған тийкарғы ўазыйпалар атап өтилген.
Президентимиздиң қутлықлаўында халқымыздың турмысын және де тыныш ҳәм берекетли етиўге қаратылған ҳәрекетлер буннан былай да тийкарғы дәрежеде избе-излик пенен даўам еттирилетуғыны, ишки ислер хызметкерлериниң мийнетин мүнәсип қәдирлеў, заманагөй жумыс шараятлары менен тәмийинлеў, маман кадрлар таярлаў мәселелери бәрқулла дыққат орайында болатуғыны атап өтилген.
Мәмлекетимиз басшысы ишки ислер уйымлары хызметкерлерине тынышлық ҳәм қәўипсизлик жолындағы абырайлы ҳәм жуўапкершиликли хызметинде үлкен табыслар тиледи.











