ШБШ саммитинде 20 дан аслам мәмлекет басшылары қатнасады

    Тяньцзин қаласында болып өтетуғын ШБШ саммитинде 20 дан аслам мәмлекеттиң мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары, 10 халықаралық шөлкемниң басшылары қатнасады.

    Бул ҳаққында Қытай Халық Республикасы сыртқы ислер министриниң жәрдемшиси (министр орынбасары дәрежесиндеги) Лю Бин баспасөз әнжуманында мәлим етти.

    "Қытай басшысы Си Цзиньпин Хайхэ дәрьясы бойында 20 дан аслам сырт мәмлекет ҳәм 10 халықаралық шөлкем басшылары менен ушырасып, ШБШның табыслы тәжирийбесин улыўмаластырады, оны раўажландырыў ҳәм қайта қурыўға жәрдемлеседи, бирге ислесиў ҳәм биргеликте жумыс алып барыў ушын оның қатнасыўшыларын бирлестиреди", деди дипломат.

    Оның атап өтиўинше, саммитте Россия Президенти Владимир Путин, Беларусь Президенти Александр Лукашенко, Ҳиндстан Бас министри Нарендра Моди, Иран Президенти Масъуд Пезешкиён, Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғызстан Президенти Садир Жапаров, Пакистан Бас министри Шаҳбоз Шариф, Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмон, Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев, Монголия Президенти Ухнаагийн Хурэлсух, Әзербайжан Президенти Илҳам Алиев, Армения Бас министри Никол Пашинян, Камбоджа Бас министри Хун Манет, Мальдив Президенти Муҳаммад Муиззу, Непал Бас министри Шарма Али, Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоған, Египет Бас министри Мустафа Мадбули, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов, Индонезия Президенти Прабово Субианто, Лаос Президенти Тхонглун Сисулит, Малайзия Бас министри Анвар Иброҳим ҳәм Вьетнам Бас министри Фам Минь Чинь келеди.

    Илажға халықаралық шөлкемлер ҳәм көп тәреплеме структуралардың басшылары, соның ишинде, БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш мирәт етилген, деп хабар берди tass.ru.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates