Бирлескен Араб Әмирликлеринде болып өткен "Абу-Даби турақлы раўажланыў ҳәптелиги" халықаралық саммитиниң ашылыўы ҳәм турақлы раўажланыў тараўында Шайх Зоид Ол Наҳаён атындағы сыйлықты тапсырыў мәресими еле кеўиллерди тәрк еткен жоқ. Әйне усы саммитте Ташкент қаласындағы Президент мектебиниң оқыўшылары усы сыйлықтың "Глобал орта мектеплер" номинациясында жеңимпаз табылғаны кеўиллерге үлкен мақтаныш бағышлады. Бул жеңис мәмлекетимиз басшысының Бирлескен Араб Әмирликлерине сапарының өзине тән ўақыяларынан бири болды.
Хош, “Zayed Sustainability Prize” таңлаўының мазмуны неден ибарат, онда ўатанласларымыз қандай жойбар менен қатнасты?
Таңлаў 2008-жылы турақлылық тараўындағы инновациялық идея ҳәм басламаларды тән алыў ҳәм қоллап-қуўатлаў мақсетинде шөлкемлестирилген. Онда энергетика, суў, азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм денсаўлықты сақлаў бағдарларына байланыслы бар глобал машқалалардың инновациялық шешимлери усыныс етиледи. Усы жылы таңлаўға усынылған жойбарлар бир-биринен қызықлы, бир-биринен әҳмийетли еди. 5 бағдар, 6 мың жойбар ишинде өзбекстанлы оқыўшылардың жеңимпазлықты қолға киргизгени оғада қуўанышлы болды. Абу-Даби қаласындағы сыйлықлаў мәресиминде мәмлекетимиз басшысының қатнасқаны ҳәм жеңимпазларды жеке қутлықлағаны оқыўшылардың кеўлине үлкен толқын, мақтаныш бағышлап, жаңа шеклерге қарай умтылдырды.
Жеңимпазлық ушын ажыратылатуғын 150 мың АҚШ доллары муғдарындағы грант қаржысы Қашқадәрья ўәлаятының алыс, суў жетиспейтуғын аймақларындағы жергиликли халықты тутыныў ушын жарамлы суў менен тәмийинлеўге қаратылыўы режелестирилмекте. Жойбарда бир аймақ ушын орташа мың АҚШ доллары муғдарында қәрежет талап етиледи ҳәм 150 мектепти қамтып алыў нәзерде тутылған.
Онда үй ҳәм басқа имаратлардың төбесине орнатылған тарнаўлар арқалы жаўын суўын цистерналарға топлаў ҳәм фильтрлеў арқалы пайдаланыўға жарамлы жағдайға келтириў мақсет етилген. Бул ийгиликли мақсетке бағдарланған жойбар халықаралық таңлаўда итибарға ылайық сыпатында тән алынды.
Дүнья тән алып атырған, Президент мектеби оқыўшылары алға қойып атырған жойбар неси менен әҳмийетли?
- Жаўын суўын қайта ислеп, халықтың мүтәжликлери ушын пайдаланыўға қаратылған жойбарымыздың презентациясы қатнасыўшылар ҳәм төрешилерде үлкен қызығыўшылық оятты, - дейди Ташкент қаласындағы Президент мектебиниң оқыўшысы Паҳлавон Ғуламов. - Жаўын жүдә тез жаўғанда жер суўды сорып алыўға үлгермей қалыўы мүмкин. Мақсетимиз - жаўын суўын жыйнап, оны фильтрден өткерип, халықтың талабына бағдарлаўды жолға қойыў. Жойбарымыз 45 мыңнан аслам инсанның турмысын өзгертиўге жәрдем береди. Таңлаўда жеңимпаз болыўымыз оғада толқынландыратуғын ҳәм қуўанышлы жағдай болды.
Табысқа өз-өзинен ерисип болмайды. Бул жетискенлик негизинде излениў, оқыў, үйрениў, өз үстинде тынымсыз ислеў сыяқлылар турады. Ең әҳмийетлиси, билим алыў ушын жаратылған толық шараят ҳәм имканиятлар жеңиске шақырды.
- Бундай табысқа ерисиўди көптен берли әрман етип киятырған едим, - дейди Паҳлавон. - Бул жойбарда бурын да қатнасқанман ҳәм орын ала алмадым. Бул ретки жеңистен төбем көкке жети. Әсиресе, мәмлекет басшылары менен ушырасыў бахытына миясар болғаным өмиримдеги ең умытылмас ўақыялардан бири болды. Президентимиз табысларымыздан қуўанышлы екенин атап өтип, бизге исеним билдирди. Биз бир жойбар менен шекленип қалмаў, және үлкен-үлкен излениўлер, жойбарларды әмелге асырыўға ўәде бердик.
Қуўаныш, жеңис, табыс... Мәмлекеттиң раўажланыўы көп тәреплеме талантлы балаларды таңлаў, оларға дурыс бағдарлама бериў, қәбилетин өсириў, интеллектуаллық потенциалын көрсетиўге жәрдем бере алатуғын билимлендириў системасын жаратыўға байланыслы. Қәбилетли балаларды анықлаў, билимлендириў процесине алдынғы технологиялар, усыллар ҳәм сырт ел тәжирийбесин кеңнен енгизиў, оларды оқытыў ҳәм тәрбиялаўда бир пүтин система жаратыў, қәбилетли жасларды буннан былай да қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеўге қаратылған итибар бүгин өз нәтийжесин бермекте. Халықаралық дәрежеде елимиздиң абырайын улығлаў тийкарында мине усы факторлар әҳмийетли орын ийелейди, десек, қәтелеспеген боламыз.
- Сезимлеримди сөз бенен жеткере алмайман, - дейди Ташкент қаласындағы Президент мектебиниң оқыўшысы Асылбек Ашрапов. - Әсиресе, Президентимиздиң қутлықлаўы ҳәм тән алыўы кеўлимизди көтерди. Мәмлекетимиз басшысы Үшинши Ренессанстың тырнағы қойылып атырған бүгин өз нәтийжесин берип атырғанын айтқанында толқынланып кеттим. Бул басланыўы, келешекте буннан да үлкен жетискенликлерге ерисиўди мақсет еттим. Мектебимизде барлық шараят бар. Профессионал оқытыўшылар сырт елдиң ең алдынғы тәжирийбелери тийкарында сабақ өтеди. “Zayed barqarorlik mukofoti” жойбары ҳаққында сөз еткенде, әкемниң жаўын тазалаў системасының сызылмасы есиме келди. Мен бул сызылманы жетилистириўим керек еди. Биз билим алып атырған Президент мектебинде ҳәр бир излениў қоллап-қуўатланады. Буннан пайдаланып, Саидазиз Абдужалилов пенен усы жойбарды раўажландырыў үстинде иследик. Излениўлеримизге жәрдемлескен устазларымызға рахмет.
Абу-Даби сахнасында оқыўшыларға ийинлес болған, оларды усы жерге жеткериўде үлкен үлес қосқан Президент мектеби оқытыўшысы, жас ойлап табыўшылардың сүйикли устазы Соҳибхон Азизов өзиниң тәсирлерин биз бенен бөлиседи:
- Жеңисти күткен едик. Әсиресе, илажда мәмлекетимиз басшысының қатнасыўы бизди жеңиске ийтермеледи. Буны жүдә қәлеген едик. Нәтийжелер жәрияланған жағдайды сөз бенен сүўретлеп бере алмайман. Президентимиздиң қутлықлаўы, "Бул бәршемиздиң жетискенлигимиз, жаңа Өзбекстанның жетискенлиги" деген сөзлери қулағым астында елеге шекем жаңлап тур. Ҳақыйқатында да мақтанышлы жеңис болды.
- Абу-Дабидеги әнжуманда жойбарларын көрсетиўи ҳәм жеңимпаз болыўын күтпеген едик, - дейди Ташкент қаласындағы Президент мектебиниң физика пәни оқытыўшысы Хуршид Ширинов. - Буннан 5-6 жыл бурын оқыўшымыз қайсы бир мәмлекет Президенти қолынан сыйлық алады, мәмлекетимиз басшысының қасында турады, деген сөзге исенбейтуғын еди. Көрип турмыз, ислей аламыз. Бул табыс барлық оқыўшыларға үлкен мотивация берди. Оқыўшылар онлаған, жүзлеген жойбарлар менен келмекте. Әсиресе, Президентимиздиң итибарынан төбемиз көкке жетти. Өткен жылы оқыўшыларымыз дүньяның ҳәр қыйлы абырайлы жоқары оқыў орынларына грант тийкарында қабыл етилгенде мәмлекетимиз басшысы қушағына басып қутлықлағанын көрип көзиме жас келген еди. Президент мектеплери ашылып атырған ўақытта усы жерде ислеўди әрман еткенмен. Әрманыма еристим. Бүгин билимлендириўге, оқытыўшының абырайын ҳәм мәртебесин арттырыўға берилип атырған итибарды өзимниң өмиримде көрип турман.
Халықаралық билимлендириў бағдарламалары тийкарында оқытыў, өз гезегинде, инновациялық жаңалықлар жаратыўға жол ашады. Онда мәмлекетимиз билимлендириў системасының локомотивине салыстырылған Президент мектеплеринде жаратылған имканиятлар, оқыўшылардың ҳәм академиялық потенциалын арттырыў, ҳәм олардың социаллық белсендилигин, алынған билимлерин әмелиятта қолланыў көнликпесин арттырыў, турмысқа беккем исеним ҳәм көзқарасларын қәлиплестириўге қаратылған итибардың нәтийжесин бүгин Абу-Даби сахнасында, ири халықаралық илажда елимиздиң абырайын жоқарыға көтерип, атын улығлап атырған жаслар мысалында көриўимиз мүмкин. Бундай табыс ҳәр қандай ата-ананың кеўлин таўдай көтеретуғынына гүман жоқ.
- Президент мектеби муғаллимлериниң берген билими өзин ақлап атыр, - деди Паҳлавон Ғуламовтың әкеси Фаррух Турсунов. - Улым еки жылдан берли изленбекте. Таярлық процеси қыйын болды. Себеби ярым ақшамға шекем оқып-үйренип, изленетуғын еди. Таңлаўда финалға жол алғанын еситтик. Нәтийжени қорқыныш пенен күттик. Ақырында жеңиске еристи. Мен жүдә қатты тынышсызландым. Бирақ, кеўлим толық мақтанышқа толы. Бул жетискенликке аңсат ерисилмеди. Бәринен бурын, жасларға берилип атырған итибар, жаратылып атырған шараят, имканиятлардың жемиси. Билимлендириў тараўындағы реформалар өз нәтийжесин бермекте.
Ҳақыйқатында да, егер ресурс болмаса, нәтийжеге әпиўайы ерисилмейди. Жаратылған шараят ҳәм имканиятлар үлкен жеңислерге басламақта. Миллетимиздиң шын мәнисиндеги "алтын фонды" үлкеймекте. Олардағы елдиң раўажланыўына байланыслы үлесинен қуўанасыз. Бул жаслар оқыў, излениў жолында исенимли қәдемлер таслайды, үлкен табысларды қолға киргизеди, ел-журт мәпине қол-қанат болады.
Рисолат МАДИЕВА,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы