Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң мәлим етиўинше,
төмендеги нәтийжелер айрықша итибарға ылайық:
Халықаралық жасалма интеллект олимпиадасы. Быйылғы жарыста Өзбекстан
дәслепки мәрте қатнасып, 3 - 1 гүмис ҳәм 2 бронза медалын қолға киргизди.
Химия пәни бойинша халықаралық олимпиада. Өзбекстан сайланды командасы 1
алтын медальды қолға киргизди. Олимпиада Өзбекстанда 96 мәмлекет ўәкиллериниң
қатнасыўында болып өтти.
Ал-Хорезмий атындағы математика ҳәм информатика бойынша халықаралық
олимпиада. Жарыс Ташкент ўәлаятында болып өтти. Өзбекстан оқыўшылары 61
медальға ийе болды: 11 алтын, 22 гүмис ҳәм 28 бронза.
Абу Али ибн Сино
атындағы Халықаралық биология олимпиадасы. Өзбекстан 11 медаль - 2 алтын, 3
гүмис ҳәм 6 бронза медалын қолға киргизип, Олимпиаданың бирден-бир жетекшисине
айланды.
Ең абырайлы
халықаралық олимпиадалардағы нәтийжелер
2026-жылы
Өзбекстан мектеп оқыўшылары ең ири халықаралық пән олимпиадаларында 16 медальды
қолға киргизген: 1 алтын, 7 гүмис ҳәм 8 бронза.
Атап айтқанда:
Өзбекстанда
өткерилген Халықаралық химия олимпиадасында - 1 алтын ҳәм 3 гүмис медаль;
Қытайда
математика бойынша 119 мәмлекет ўәкиллери қатнасқан халықаралық олимпиадада 2
гүмис ҳәм 3 бронза медаль;
Колумбияда 96
мәмлекет қатнасқан Халықаралық физика олимпиадасында 2 гүмис ҳәм 2 бронза
медаль;
Литвада болып
өткен 37-Халықаралық биология олимпиадасында 80 нен аслам мәмлекет ўәкиллери
қатнасып, 3 бронза медалын қолға киргизди.
Буннан тысқары,
немис тили ҳәм экономика бойынша халықаралық олимпиадаларда Өзбекстан мектеп
оқыўшылары және 4 - 1 алтын ҳәм 3 бронза медалын қолға киргизди.
Мәселен, Германияда
51 мәмлекет ўәкиллери қатнасқан немис тили бойынша халықаралық олимпиадада
өзбекстанлы оқыўшылар 1 алтын ҳәм 1 бронза медалын қолға киргизди.
Қытайда 60
мәмлекет қатнасыўында өткерилген халықаралық экономика олимпиадасында Өзбекстан
сайланды командасы 2 бронза медалын қолға киргизди.
Ерисилген
нәтийжелер Өзбекстан мектеп оқыўшыларының жоқары дәрежеде таярланғанынан,
олардың халықаралық интеллектуаллық жарыслардағы қатнасыўы кеңейип атырғанынан
дәрек береди.