Шор жуўыў жумысларын кешиктириўге болмайды

    18 желтоқсан 2024 15

    Төрткүл районындағы “Қўшназар пахтакор” фермер хожалығы атызларында шор жуўыўға жерлерди таярлаў ҳәм усы агротехникалық илажларды әмелге асырыўда әҳмийет қаратыў керек болған мәселелерге бағышланған көргизбели семинар болып өтти.

    Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы ҳәм Суў хожалығы министрликлериниң жуўапкер қәнигелери, район ҳәкими орынбасарлары, райондағы тараўға байланыслы мәкемелер менен фермер хожалықларының басшылары қатнасты.

    Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Ш.Тешаев шор жуўыўға жер таярлаў ҳәм мәўсимлик жумысларды өз ўақтында жуўмақлаў бойынша тараўдың жуўапкерлерине зәрүр тапсырмалар берди.

    Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министриниң биринши орынбасары А.Уразимбетов ҳәм Ирригация ҳәм суў мәселелери илимий-изертлеў институтының Қарақалпақстан аймақлық орайының директоры С.Қурбанбаевлар шығып сөйлеп, шор жуўыў жумыслары барысында суўшылар менен фермер хожалықларының алдында турған ўазыйпаларға кеңнен тоқтап өтти.

    Атап өтилгениндей, мәмлекетимиздиң басқа аймақларына салыстырғанда регионымызда дийқаншылық етиў ушын шор жуўыў – аўыл хожалығындағы мәўсимлик зәрүрли агротехникалық илаж есапланады. Сонлықтан да орынларда усы илажды сапалы өткериў ушын шор жуўыўға жер таярлаў бүгинги күнниң ең әҳмийетли ҳәм кешиктирип болмайтуғын илажы болып табылады.

    Илаж даўамында фермерлер өз-ара пикир алысып, қызықтырған сораўларына жуўап алды.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.