баннер
26 Mar 2025
14:23

    Швецияда Өзбекстанның туризм потенциалы таныстырылды

    Туризм комитети делегациясы Швеция пайтахты Стокгольм қаласында өткерилген "Самарқанд - Жипек жолының дүрданасы" деп аталған мәдений-ағартыўшылық кешеде қатнасты.

    Илаж Өзбекстан Республикасының Швеция Патшалығындағы елшиханасы ҳәм Өзбекстан Миллий университети менен биргеликте шөлкемлестирилди. Онда Швецияның академиялық, исбилерменлик ҳәм туризм топарлары және дипломатиялық корпус ўәкиллери қатнасты.

    Илаж шеңберинде Өзбекстанның туризм потенциалына бағышланған презентация шөлкемлестирилди. Бул тараўда соңғы жылларда алып барылып атырған кең көлемли реформалар, ерисилген жетискенликлер ҳәм келешектеги режелер, соның ишинде, Швеция ҳәм оның әтирапындағы басқа да Скандинавия регионы мәмлекетлеринен туризм ағымын көбейтиў перспективалары толық сәўлелендирилди. "Самарқанд - Жаңа Өзбекстанның туризм дәрўазасы" темасы ҳәм оның туризмди раўажландырыўдағы шексиз орнына айрықша тоқтап өтилди.

    Сондай-ақ, бир қатар жергиликли туроператорлар ҳәм тараўды үгит-нәсиятлаўға қәнигелескен компаниялардың ўәкиллери менен «B2G» ҳәм «B2B» сөйлесиўлери өткерилди ҳәм туризмди раўажландырыўдың түрли бағдарларында өз-ара бирге ислесиў қатнасықларын орнатыў бойынша тийисли келисимлерге ерисилди.

    Шөлкемлестириўшилер тәрепинен қатнасыўшыларға миллий нама ҳәм аяқ ойынлардан ибарат концерт бағдарламасы, мәмлекетимиздиң бай мәдений мийрасы, әмелий көркем өнер ҳәм өнерментшилик үлгилери және гастрономиялық потенциалын көрсететуғын көргизбе усынылды, деп хабар береди Туризм комитетиниң баспасөз хызмети.

    Телеграм каналымыз
    Text to speech