Бул ҳаққында Жоқарғы суд баспасөз хаткери өзиниң телеграм каналында мәлим етти.

Мәлим етилиўинше, ол ҳуқық қорғаў уйымы хызметкерлери тәрепинен өткерилген оператив илаж даўамында айғақлы дәлиллер менен усланған.

Жоқарғы судтың мағлыўматына бола, суд уйымларында коррупцияға қарсы гүресиў, системаны ҳадал емес кадрлардан тазалаў бойынша избе-из жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда, судья ҳәм хызметкерлер арасында надурыс ҳәм ылайықсыз ис-ҳәрекетлердиң алдын алыў, сондай-ақ, коррупцияға жол қойған шахсларды анықлаў ҳәм оларға қатаң илажлар көриўге айрықша итибар қаратылмақта.