Кәрхана қадақлаў өнимлерин ислеп шығарыў бойынша Орайлық Азияда жетекшилерден бири. Ҳәзирги күнде ишки базардағы полипропилен қалталар ҳәм жумсақ контейнерлердиң 60 проценти, стреч плёнкалардың 40 проценти усы компания үлесине туўра келмекте.

Комплекс 60 гектар майданда қурылып, 2 мың 500 ге шамалас жумыс орны жаратылған.

Қадақлаў өнимлери көплеген тармақлар - азық-аўқат санаатынан баслап фармацевтика, санаат, қурылыс ҳәм турмыслық химияға шекем зәрүр. Оның сапасы өнимлерди қәўипсиз сақлаў, тасыў ҳәм базарға өз ўақтында жеткерип бериўге тиккелей тәсир етеди. Соның ушын бундай өнимлерди өзимизде ислеп шығарыў импортқа байланыслылықты азайтады, ишки базардың турақлылығын тәмийинлейди ҳәм ислеп шығарыўшылардың қәрежетлерин кескин азайтады.

«Invest Asia» кәрханасының және бир әҳмийетли өзгешелиги - мәмлекетимизде биоаксиал бағдарланған полипропилен плёнка ислеп шығарылатуғын бирден-бир орын. Өзиниң беккемлиги ҳәм жеңиллиги менен ажыралып туратуғын бул қадақлаў материалы өз сегментиде ғалаба ен жайған.

Усы жылдың он айында кәрханада 1,9 триллион сумлық өним ислеп шығарылып, 23 миллион долларлық экспорт етилген. Өнимлер Австрия, Германия, Италия, Қытай, АҚШ сыяқлы мәмлекетлерде ислеп шығарылған жоқары технологиялық үскенелерде ислеп шығарылмақта.

Президентимиз бул жердеги технологиялық процесслер ҳәм келешектеги режелер менен танысты, жумысшылар менен сәўбетлести.

Жылдың ақырына шекем бул жерде Орайлық Азиядағы ең ири спанбонд ҳәм мельтблаун тоқыма емес материаллар ислеп шығарыў қуўатлықлары иске қосылыўы күтилмекте. Бундай материаллар медицина, қурылыс, турмыслық химия ҳәм аўыл хожалығында кең қолланылады.

Барлық жойбарлар толық қуўатлылық пенен иске қосылғаннан соң жумыс орынларының саны 10 мыңға, полимерлерди қайта ислеў қуўатлылығы 280 мың тоннаға жеткерилиўи күтилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы ўәлаятта ири жойбарларды әмелге асырып атырған, жаңа басламаларды усыныс етип атырған сырт ел инвесторлары менен де сөйлести. Аймақ экономикасын раўажландырыў, халықтың бәнтлигин ҳәм турмыс сапасын арттырыўға хызмет ететуғын ҳәр қандай жойбар, әлбетте, мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланатуғыны атап өтилди.

Инвесторлар мәмлекетимиздеги исбилерменлик ҳәм инвестициялық орталықты жоқары баҳалап, бизнес ушын жаратылған кең имканиятлар ҳәм турақлы итибар ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди.