Сырдәрьяда суўғарыў тармақлары оңланып, еки жылда 20 мың гектар жер қайта пайдаланыўға киргизилиўи режелестирилмекте

    Сиясат 5 мамыр 2025 2361

    Президент Шавкат Мирзиёев 5-май күни Сырдәрья ўәлаятында аўыл хожалығы тараўындағы жумысларды жаңа көзқараслар тийкарында шөлкемлестириў бойынша мәжилис өткерди.

    Сырдәрья ўәлаяты аймақ жағынан киши болса да, тийкарында, аўыл хожалығында үлкен потенциалға ийе. Тийкарғы майданлар дәрья ҳәм каналлардың бойында жайласқан, халқы мийнеткеш, барлық инфраструктура қолайлы.

    Мәжилисте районлардағы мәнзилли үйрениўлер талланып, жаңа усыныс ҳәм режелер көрип шығылды.

    Егинлерди жерлердиң топырақ-климат өзгешелигинен келип шығып жетистириў, шөл аймақларында ғәлле, овош ҳәм картошка өнимдарлығын арттырыў бойынша усыныслар билдирилди.

    Суўғарыў тармақларын оңлап, еки жылда 20 мың гектар жерди қайта пайдаланыўға киргизиў режелестирилмекте.

    Азық-аўқат жойбарлары ушын да имканиятлар көп. Соның ишинде, Ақалтын, Гүлистан ҳәм Боёвут районларындағы 9 мың гектарда 3 ири шарўашылық комплексин иске қосыў, 7 мың гектарда жаңа технология тийкарында пахта жетистириў мөлшерленген.

    Ўәлаятта 10 мың гектар бағ ҳәм жүзимзар бар. Олардың ярымынан көбирегинде сорт ҳәм агротехнология ескилиги себепли мийўе-овош өтимсиз. Сол себепли 2 мың гектар бағды жаңалап, сырт елде ең өтимли мийўелер жетистириў, қалғанын талапкерлерге усыныс етиў нәзерде тутылған.

    Сондай-ақ, усы жылы "Оң тармақ" районлараралық каналының 607 километрин реконструкциялаў ҳәм санлы басқарыўға өткериў жойбары жуўмақланады. Нәтийжеде 35-40 процент суў үнемленеди, 27 мың гектарда суў тәмийнаты жақсыланады.

    Мәмлекетимиз басшысы бул усынысларды мақуллап, аўыл хожалығында өнимдарлықты ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, азық-аўқатқа болған ишки талапты толық қаплаў, қайта ислеў ҳәм экспорт қуўатлықларын арттырыў бойынша көрсетпелер берди.



    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates