баннер
23 Mar 2025
07:58

    Сирожиддин Шамсутдинов Өзбекстанның Жиддадағы жаңа бас консулы етип тайынланды

    Сирожиддин Шамсутдинов усы күнге шекем Өзбекстан Сыртқы ислер министрлигинде ислеген. Дипломат 2017-2021-жылларда да Өзбекстанның Жидда қаласындағы бас консулы ўазыйпасында жумыс алып барған.

    Өзбекстанның Жиддадағы жаңадан тайынланған бас консулы Сирожиддин Шамсутдинов Саудия Арабстаны Сыртқы ислер министрлиги Жидда бөлими бас директорының биринши орынбасары Аҳмад Муҳаммад Қутб пенен ушырасты.

    "Дунё" МА берген хабарда сөйлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм Саудия Арабстаны арасындағы байланыслардың бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары ҳаққында пикир алысылғаны айтылады.

    Саудия тәрепи жаңадан тайынланған бас консулға еки мәмлекет арасындағы саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм консуллық-ҳуқықый тараўларда өз-ара пайдалы қатнасықларды буннан былай да беккемлеў бағдарындағы жумысына ҳәр тәреплеме әмелий жәрдем көрсетиўге таяр екенин билдирди.

    Сирожиддин Шамсутдинов усы күнге шекем Өзбекстан Сыртқы ислер министрлигинде жумыс ислеген. Дипломат 2017-2021-жылларда да Өзбекстанның Жидда қаласындағы бас консулы ўазыйпасында жумыс алып барған. Ол Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў университетин тамамлаған.

    Мағлыўмат ушын усы күнге шекем Өзбекстанның Жидда қаласындағы Бас консулханасын Нодиржон Турғунов басқарып киятырған еди.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech