Словакия Бас министри Өзбекстанға келди

    Ҳүкимет 8 маусым 2025 2355

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Словакия Республикасының Бас министри Роберт Фицо 8-июнь күни рәсмий сапар менен елимизге келди.

    Ташкент қаласы халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.

    Сапардың тийкарғы илажлары 9-июнь күни болып өтеди.

    Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерде Өзбекстан - Словакия көп қырлы бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыў мәселелери додаланады.

    Сөйлесиўлерде саўда, инвестиция ҳәм инновациялар, аўыл хожалығы, санаат, энергетика, туризм тараўларында шерикликти кеңейтиўге айрықша итибар қаратылады. Шөлкемлестирилген мийнет миграциясы, мәдений-гуманитарлық ҳәм билимлендириў тараўларындағы бирге ислесиў мәселелери көрип шығылады. Халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер, соның ишинде, көп тәреплеме майданларда өз-ара қоллап-қуўатлаў бойынша пикир алысылады.

    Жетекшилердиң ушырасыўы жуўмағында Өзбекстан менен Словакия арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған ҳүжжетлерге қол қойылыўы нәзерде тутылған.

    Сондай-ақ, Словакия Бас министри IV Ташкент халықаралық инвестиция форумында да қатнасады.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates