Хызмет ийтлери Ташкент, Нөкис қалалары ҳәм ўәлаят орайларының жәмийетлик орынларында патруль хызметине киристи

    14 қазан 2025 598

    Ишки ислер министрлиги ҳәм Өзбекстан Миллий гвардиясы тәрепинен қыябанлар, бағлар, базарлар ҳәм басқа да жәмийетлик орынларда хызмет ийтлеринен пайдаланыўды тәртипке салыўшы қоспа қарар қабыл етилди. Мақсет - нәшебентлик ҳәм психотроп затлардың нызамсыз айланысының алдын алыў.

    Қарар шеңберинде патруллық нарядлар хызмет ийтлери менен биргеликте Ташкент, Нөкис қалалары ҳәм ўәлаят орайларында тәжирийбе хызметин баслады.

    Ҳәзирги ўақытта Ташкент қаласы Ишки ислер бас басқармасының кинологлары Tashkent City Mall саўда комплекси ҳәм City Park, Dream Park ҳәм Magic City кеўилашар орайларында хызмет көрсетпекте.

    Хызмет ийтлери жынаятлардың алдын алыўда жәрдем береди: ҳуқықбузарларды анықлаў ҳәм услаў, пуқаралар ҳәм хызметкерлерге ҳүжим етиўдиң алдын алыў, сондай-ақ, қашыў ямаса қоршаған орталыққа зыян жеткериўге урыныўды сапластырыў.

    Қарарға муўапық, ийтлердиң хызмет көрсетиў ўақты +30°С дан жоқары ямаса +1°С дан төмен температурада 4 сааттан артпаўы керек. Келешекте ҳайўанларға қолайлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў мақсетинде арнаўлы киши вольерлер орнатыў режелестирилмекте.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates