Онда АҚШ, Германия, Румыния, Бирлескен Араб Әмирликлери, Қатар, Вьетнам, Таиланд, Монголия ҳәм Корея Республикасы командалары қатнасты.
Турнир бағдарламасына күндизги ҳәм түнги ўақытларда арнаўлы тактикалық шынығыўларды орынлаў киргизилди. Қатнасыўшылардан пистолет, автомат ҳәм снайпер қуралларынан шебер пайдаланыў, физикалық ҳәм руўхый турақлылық талап етилди.
Снайперлер:
узақ аралыққа үлкен мүйеш астында оқ атыў;
қолайлы болмаған баспаналардан стандарт емес шараятларда оқ атыў;
таныс емес жерде душпан объекти тәрепке жасырын барыў;
жүк астында жоқары анықлықта оқ атыў;
саўаш майданында тактикалық медицинаны қолланыў;
жақын аралықларда тез атыў;
күни-түни мақсет ҳәм аралықларды анықлаў;
таныс емес мергенлик қуралынан пайдаланыў;
қозғалыўшы техника ҳәм ушыў аппаратларынан атыўды орынлаў.
Жарыс жуўмағында Өзбекстан сайланды командасы 539,5 балл менен сырт мәмлекетлер арасында сыйлы биринши орынды ийеледи. Екинши орынды Вьетнам (534,7 балл), үшинши орынды АҚШ (519 балл) ийеледи.
Әҳмийетлиси, 2024-жылы снайперлер арасында өткерилген биринши турнирде де Өзбекстан әскерий хызметкерлери жоқары нәтийжелер көрсетип, екинши орынды ийелеген еди.
17-сентябрь күни Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортында жеңимпазлар салтанатлы күтип алынды. Илажда Қорғаныў министрлигиниң басшылары, әскерий хызметкерлердиң туўысқанлары, ғалаба хабар қураллары ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Шығып сөйлеўшилер өзбек мергенлериниң гезектеги жеңиси машақатлы шынығыўлар, сапалы таярлық ҳәм жеке қурамның жаўынгерлик шеберлигин арттырыў бағдарындағы мақсетли жумыслардың нәтийжеси екенин атап өтти. Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги әскерий хызметкерлерди жеңис пенен қутлықлап, оларға халықаралық майданда жаңа табыслар тиледи.












