Бул өним өзине тән тәбийғый өнимлери, атап айтқанда, тек ғана Соқақ таўларында өсетуғын халық арасында "мадор" аты менен белгили болған өсимлик ямаса исмалоқтан таярланыўы, сондай-ақ, тәкирарланбас дәми ҳәм қамырының өзине тән усылда таярланыўы менен ажыралып турады.
Географиялық көрсеткиш сыпатында дизимге алыныўы:
"Соқақ сомсасы"ның әйне Соқақ аймағына тийисли екенлигин белгилеп, оның сапасы, тарийхый тамырлары ҳәм мәдений қунын ҳуқықый жақтан қорғайды.
Бул дизимге алыў процеси Ташкент ўәлаяты әдиллик басқармасының жәрдеминде әмелге асырылды.
Еслетпе: Географиялық көрсеткиш - бул өнимниң белгили бир аймаққа тән екенлиги ҳәм оның сапасы, белгилилиги ямаса басқа белгилери сол аймақтың тәбийғый, инсаный ҳәм тарийхый факторларына тығыз байланыслы екенлигин билдиретуғын интеллектуаллық мүлк объекти болып есапланады.