Кешеге депутатлар, район басшылары ҳәм аймақта жасаўшы физикалық имканияты шекленген пуқаралар қатнасты.
Илажда район ҳәкиминиң орынбасары У.Аллабергенов, республикалық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлиминиң баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Ж.Сеттиев, районлық көз әззилер жәмийети баслығы У.Латиповлар шығып сөйлеп, кеше қатнасыўшыларын байрам менен қутлықлады ҳәм соңғы жыллары елимизде Президентимиз басшылығында халықты социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, оларды материаллық жақтан хошаметлеў бойынша алып барылып атырған жумысларды мақтаныш пенен атап өтти.
Кешеде илаж қатнасыўшылары ушын арнаўлы дастурхан жайылып, районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен ана-Ўатан, туўылған жерди жырлаўшы йошлы концерт бағдарламасы қойып берилди.
Илаж соңында қатнасыўшыларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен байрам саўғалары инам етилип, бул олардың кеўиллерине шексиз қуўаныш бағышлады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.