Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў ҳаққындағы нызамшылық жетилистирилмекте

    Социаллық турмыс 31 қазан 2025 319

    Бүгин, 31-октябрь күни Ташкент қаласында Олий Мажлис Сенатының он биринши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады. Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнаспақта.

    Жалпы мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева алып бармақта.

    Жалпы мәжилистеги мәселелердиң додаланыўын Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей онлайн бақлап барыўыңыз мүмкин.

    Сенаттың он биринши жалпы мәжилисинде "Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў ҳаққында"ғы нызам додаланды.

    Бизге белгили, бурын бул Нызам сенаторлар тәрепинен бир қатар пикир-усыныслар тийкарында бийкар етилген еди. Нызам Олий Мажлис палаталарында келисим комиссиясын дүзиў арқалы қайта исленди.

    Додалаў процесинде сенаторлар тәрепинен нызамда беккемленип атырған нормальар хызметкерлердиң мәплерин исенимли қорғаўға қаратылғаны менен әҳмийетли екени атап өтилди.

    Нызам менен Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў қоры тәрепинен төлемлердиң үш түри, яғный кеселлик себепли ўақтынша мийнетке жарамсызлық, ҳәмиледарлық ҳәм туўыў, жумысынан ямаса дәраматынан айырылыў бойынша қамсызландырыў төлемлери әмелге асырылыўы белгиленбекте. Бундай қамсызландырыў жағдайлары жүз берген жағдайда қор тәрепинен қамсызландырылған шахслар ҳәм (ямаса) олардың шаңарақ ағзаларына мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў бойынша ўақтынша мийнетке жарамсызлық напақасын, ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасын, жумыстан босаў напақасын төлеў нәзерде тутылмақта.

    Қор тәрепинен мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў қаржылары социаллық салық, қамсызландырыў төлемлери, Өзбекстан Республикасы республика бюджети қаржылары, қордың ўақтынша бос турған қаржыларын депозитлерге жайластырыўдан алынатуғын дәраматлар, нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да түсимлердиң бир бөлеги есабынан қәлиплестириледи.

    Сондай-ақ, Нызамда мәмлекетлик социаллық қамсызландырыўдың ҳәрекети кимге байланыслы мәжбүрий, кимге байланыслы ықтыярый екени анықластырылмақта.

    Онда, мәжбүрий мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў менен қамтып алынатуғын пуқаралар ушын қамсызландырыў төлемин физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығының бир бөлеги есабынан Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджет ҳаққындағы Нызамында белгиленген муғдарларда, ықтыярлы мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў менен қамтып алынатуғын пуқаралар ушын ең аз муғдары нызам ҳүжжетлери менен белгиленетуғын төлем есабынан қәлиплестириў нәзерде тутылмақта.

    Жалпы мәжилисте сенаторлар нызамда нәзерде тутылған бир қатар мәселелер: қамсызландырыў төлеми, қамсызландырылған шахслардың, қамсызландырыўшының, қамсызландырыўшылардың ҳуқықлары менен миннетлемелери, мәмлекетлик социаллық қамсызландырыўдың финанслық турақлылығы бойынша мәмлекетлик кепилликлер, мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў бойынша төлемлерди тайынлаў, тоқтатып турыў ҳәм тоқтатыў мәселелерине де итибар қаратты.

    Нызамның қабыл етилиўи хызметкерлердиң социаллық қорғалыўын тәмийинлеўге, жумыс бериўшилерге жүкленген социаллық төлемлер жүгиниң шешилиўине хызмет ететуғыны атап өтилди. Сондай-ақ, бул нызам жумысқа қабыл етиў процесинде ҳаял-қызлардың кемситилиўине жол қоймаўға қаратылғаны менен әҳмийетли екени атап өтилди.

    Додалаў жуўмағында Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates