Усы спорт залда Саламатлық ҳәм стратегиялық раўажланыў институты Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң хызметкерлери де өз саламатлығын ойлаған ҳалда дене шынығыўлары менен турақлы шуғылланып турады.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басшылығында 2025-жыл 13-февраль күни олимпиада ҳәм паралимпиада ҳәрекетин және де раўажландырыў, ғалабалық спортты жаңа басқышқа алып шығыў ҳәм халықтың физикалық белсендилигин арттырыў илажларына бағышланып өткерилген видеоселектор мәжилисинде “Спорт – саламат халық, саламат жәмийеттиң таяныш үстини. Соның менен бирге, спорт – бул бәринен бурын тынышлық елшиси, ҳәр бир мәмлекет ушын миллий мақтаныш дереги,” деп атап өткен еди.
– Спорт пенен турақлы шуғылланыў арқалы саламатлығымызды беккемлеўге, өмиримизди узайтыўымызға, күн бойы тетик жүриўимизге ерисиўимиз мүмкин,-дейди бул жерде турақлы түрде дене тәрбиясы шынығыўлары менен шуғылланыўшылар. – Усы жерде бәршени өз саламатлығына бийпәрўа болмаған ҳалда спорт пенен турақлы шуғылланыўға шақырамыз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.