Жылына еки мәрте "Жаңа Өзбекстан Олимпиада шыңлары" жарыслары системасы жолға қойылады

    Мәмлекетимиз басшысы Әндижан ўәлаятындағы социаллық хызметлер орайына сапары ўақтында спорт тараўы ҳәм олимпиада ҳәрекетине байланыслы презентация менен де танысты.

    Бүгинги күнде елимизде 10 миллионнан аслам халық ғалабалық спорт пенен шуғылланбақта. Районларда, билимлендириў ҳәм мийнет жәмәәтлеринде түрли жарыслар өткерилмекте.

    Енди бул көрсеткишти 15 миллионға жеткериў мақсет етип қойылған. Буның ушын "Мәҳәлле лигасы", "Мектеп лигасы", "Студентлер лигасы", "Министр кубоги" ҳәм "Кәсиплик аўқамлары кубоги" сыяқлы жарыслар шөлкемлестириледи.

    Усы жыл 13-февраль күни болып өткен видеоселектор мәжилисинде спортшы жасларды сайлап алыў ҳәм шеберлигин арттырыў бойынша тапсырмалар берилген еди. Соған муўапық, селекция, спорт билимлендириўи ҳәм олимпиада системасын жаңа басқышқа алып шығыў жумыслары басланған.

    Онда аймақлардағы 254 спорт мектеби, олимпиада бағдарларына қәнигелескен 56 спорт мектеби миллий сайланды командаларға тийкарғы резерв болады. Орынлардан сайлап алынған жаслар дене антропометриясы ҳәм қәбилетинен келип шығып, мақсетли таярланады.

    Оларды жетилистирип барыў ушын жылына еки мәрте "Жаңа Өзбекстан Олимпиада шыңлары" жарыслар системасы жолға қойылады. Ўәлаят басқышының жеңимпазлары ҳәр жылы декабрьде Олимпия қалашасында өткерилетуғын "Президент олимпиадасы"нда қатнасады. Жарыс жеңимпазлары турақ жай, автомобиль сыяқлы баҳалы саўғалар менен сыйлықланады. Биринши ҳәм екинши орынды алған спортшылар Республикалық олимпиада ҳәм паралимпиада орайына қабыл етиледи.

    Президентимиз спорт билимлендириўинде вертикал системаны жетилистирип, алдынғы усыл ҳәм көзқарасларды енгизиў зәрүрлигин атап өтти. Спорт мектеплериниң нәтийжелилигин арттырыў, қәбилетли жасларды жетик спортшылар етип тәрбиялаў бойынша көрсетпелер берилди.

    No date selected
    May 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates