Атап өтиў керек, Өзбекстан Республикасы Президентиниң басшылығында 2025-жыл 13-февраль күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде белгиленген тапсырмаларға муўапық олимпиада спорт түрлери бойынша үш басқышлы “Жаңа Өзбекстан Олимпиада шыңлары” спорт жарысларын жоқары дәрежеде шөлкемлестириў ҳәм усы жарыслар жеңимпазларының “Президент Олимпиадасы” финал басқышында қатнасыўын тәмийинлеў ўазыйпалары белгиленген еди.
Өткерилген илажда бул жарысларды өткериўден тийкарғы мақсет, 2028-жылы Лос-Анжелес қаласында болып өтетуғын Олимпиада ойынларына спортшыларды системалы ҳәм мақсетли таярлаўдан ибарат екени атап өтилди.
Мәжилис даўамында спорт федерацияларының жумыслары кең түрде додаланып, республикамызда спортты раўажландырыў ушын кең имканиятлар ҳәм зәрүр инфраструктура жаратылғанына қарамастан, айырым федерациялардың жумысында үлкен кемшиликлер бар екенлиги сын көзқарастан атап өтилди.
Соның ишинде, 2025-жыл даўамында спортшылардың ерискен көрсеткишлери талланғанда, қылышпазлық, ескек есиў, волейбол, спорт гүреслери ҳәм ҳаял-қызлар гүреси, баскетбол, гандбол, регби, таэквандо (WT), велоспорт, гимнастика, футбол, бокс ҳәм аўыр атлетика федерациялары тәрепинен жәҳән, Азия ҳәм халықаралық жарысларда мүнәсип қатнасыў, жоқары орынларды қолға киргизиў ҳәм лицензиялар алыў бойынша айтарлықтай унамлы жумыслар әмелге асырылған.
Соның менен бирге, айырым спорт федерацияларының жумысында режели жумыс алып барылмай атырғаны, селекция, резерв спортшылар таярлаў, тренерлер менен ислесиў ҳәм халықаралық жарысларға пуқта таярлық көриў мәселелери жеткиликли дәрежеде шөлкемлестирилмегени анықланды.
Илажда жуўапкер басшылар ҳәм федерация басшыларының есабатлары тыңланып, тараўда ушырасып кемшиликлерди сапластырыў, жумыс нәтийжелилигин арттырыў ҳәм анық бир нәтийжеге бағдарланған системалы жумысты жолға қойыў бойынша анық ўазыйпалар белгиленди. Сондай-ақ, спорт тараўында жеке жуўапкершиликти күшейтиў, ҳәр бир федерациядан анық нәтийже талап етиў зәрүр екенлиги қатаң атап өтилди.
Мәжилис жуўмағында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша тийисли қарар қабыл етилди.
Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.