Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигиниң мәлим етиўинше, ҳәзирге шекем Ирандағы наразылықлар ўақтында жәбирленгенлер арасында Өзбекстан пуқаралары дизимге алынбаған.
Атап өтилиўинше, Өзбекстанның Иран Ислам Республикасындағы елшиханасы жергиликли жуўапкер уйымлар менен турақлы байланыста болып, мәмлекеттеги қәўипсизлик жағдайын дыққат пенен бақлап бармақта.
Усы мүнәсибет пенен Сыртқы ислер министрлиги Иран аймағындағы Өзбекстан пуқараларын митинг ҳәм көтерилислерде қатнаспаўға, адамлар көп жыйналатуғын орынлардан узақта болыўға, жеке қәўипсизлик илажларына қатаң әмел етиўге шақырды.
Зәрүр жағдайларда Өзбекстан Республикасының Тегеран қаласындағы Елшиханасына төмендеги телефон номерлери арқалы мүрәжат етиў мүмкин:
+98 21 2229 9780
+98 21 2283 2025