Бул ҳаққында Миллий статистика комитети хабар берди.

Ең жоқары орташа айлық номинал мийнет ҳақы муғдары Ташкент қаласында 10,7 млн сум болып, бир жыл алдынғыға салыстырғанда 18,3 процентке артқан.

Аймақлар арасында да төмендеги көрсеткишлер атап өтилди:

Наманган ўәлаятында - 4,7 млн. сум (өсиў 22,8%),

Сырдәрья ўәлаятында - 5,1 млн. сум (20,8 процент),

Жиззақ ўәлаятында - 4,8 млн сум (20,5%),

Ферғана ўәлаятында - 4,7 млн. сум (19,1%),

Хорезм ўәлаятында - 5,1 млн. сум (18,4%),

Қашқадәрья ўәлаятында - 4,5 млн. сум (18,2%),

Самарқанд ўәлаятында - 4,7 млн. сум (17,8%),

Сурхандәрья ўәлаятында - 4,5 млн. сум (17,4%),

Бухара ўәлаятында - 5,1 млн. сум (17,2%),

Ташкент ўәлаятында - 6,0 млн. сум (16,9%),

Наўайы ўәлаятында - 7,9 млн. сум (16,0%),

Қарақалпақстан Республикасында - 5,0 млн. сум (15,7%),

Әндижан ўәлаятында - 5,2 млн сум болып, бул жерде ең төмен өсиў пәти - 13,4 процентти қураған.

Экономикалық жумыс түрлери бойынша орташа номинал айлық мийнет ҳақының ең көп өсиўи көркем өнер, кеўилашар ҳәм дем алыў тараўында - 26,4 процентке, яғный 5,4 миллион сумға шекем болған.

Билимлендириў тараўында мийнет ҳақы 20,1 процентке өсип, 4,4 миллион сумды қурады. Тасыў ҳәм сақлаў тараўында болса көрсеткиш 18,9 процентке артып, 9,7 миллион сумға жеткен. Мәлимлеме ҳәм байланыс тараўында орташа мийнет ҳақы 15,3 миллион сумды (өсиў 15,8 процент) қурады. Санаатта - 7,5 млн сум (+16,7%).

Жасаў ҳәм аўқатланыў тараўында орташа мийнет ҳақы 5,1 млн сумға (+8,8%), қурылыста 6,5 млн сумға (+9,1%), саўдада 7,0 млн сумға (+12,0%), денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық хызметлер тараўында 3,9 млн сумға (+14,5%) жетти.

Ең жоқары мийнет ҳақы төлеў дәрежеси елеге шекем банк жумысы, қамсызландырыў, лизинг, кредитлеў ҳәм финанслық дәлдалшылық тараўларында сақланып қалмақта - 17,6 миллион сум, бул 2024-жылға салыстырғанда 15,2 процентке көп.