Сатыўдан түскен пуллар АҚШ қадағалаўындағы есап бетлерине түседи, деп хабар берди АҚШ Энергетика министрлиги.
Америка тәрепи 30-40 млн баррелге шамалас нефтти сатыўды есап-санақ етпекте, сатыў "шексиз узақ даўам етеди". Қаржылар АҚШ ҳүкиметиниң қәлеўи бойынша Америка ҳәм Венесуэла халықларының мәплери ушын бөлистириледи", делинеди Энергетика министрлигиниң пресс-релизинде.
Агентлик жанылғы сатыў ушын "дүньяның жетекши шийки зат жеткерип бериўшилери ҳәм тийкарғы банклери"н тартқан. "Венесуэлаға ҳәм Венесуэладан нефть тасыў тек ғана АҚШ нызамшылығы ҳәм миллий қәўипсизлик талапларына муўапық нызамлы ҳәм рухсат етилген каналлар арқалы әмелге асырылады", деп тастыйықлайды министрлик.
АҚШ Энергетика министрлиги "нефть қазып алыўды көбейтиў, экономикалық имканиятларды кеңейтиў ҳәм Венесуэла халқының турмыс сапасын жақсылаў ушын шешиўши әҳмийетке ийе" болған Венесуэла электр тармағын модернизациялаўды режелестирмекте.
АҚШ энергетика министри Крис Райттың айтыўынша, АҚШ компаниялары Венесуэлаға келгеннен кейин республикада нефть ислеп шығарыў күнине жүз мың баррелге артыўы мүмкин. Reuters агентлигиниң хабар бериўинше, АҚШ нефть компанияларының басшылары усы ҳәптениң ақырында Ақ үйде Венесуэланың нефть секторын қайта тиклеў мәселесин додалайды, деп жазбақта kommersant.ru.