Ыссыханада қыяр өними жетистирилмекте

    18 желтоқсан 2024 13

    Қыс айларында базарларымызды толтырып турған таза палыз өнимлери ыссыханаларда жетилистирилип, халқымыз күнделикли турмысында пайдаланып келмекте. Әлбетте, суўық күнлерде егинди жетилистириў көп мийнетти талап етеди. Бул истиң көзин билетуғын исбилермен, фермер ҳәм қыйтақ жер ийелериниң мийнетлериниң жемиси.

    Тақыятас районы Найманкөл АПЖ аймағындағы “NUKUS UNIVERSAL BAZASI” ЖШЖ тәрепинен 2019-жылы Қубла Корея технологиясы тийкарында 1 гектар жер майданда ыссыхана шөлкемлестирилген. Ыссыханаға қыяр егилип, ҳәзирги ўақытта тәрбиялаў ҳәм өнимлерди жыйнап алыў жумыслары әмелге асырылмақта.

    Жетистирилген өнимлер жергиликли базарларға жеткерилип берилмекте. Районда аўыл хожалығы егинлерин жетистириў ҳәм ыссыханаларда азық-аўқат егинлерин тәрбиялаўдан тийкарғы мақсет, базарларымызды тәмийинлеў, экспорт потенциалын және де арттырыў болып есапланады.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.