Студентлерге турақ жай ижарасы ушын пул ажыратылады

    Социаллық турмыс 5 қыркүйек 2025 827

    Нызамшылықта жатақхана менен тәмийинленбеген, өзине ҳәм ата-анасына (нызамлы ўәкиллерине) тийисли болмаған турақ жайда ижара ҳуқықы тийкарында жасап атырған мәмлекетлик ЖОО студентлерине айлық ижара төлеминиң бир бөлегин қаплап бериў нәзерде тутылған.

    Онда, талабанға (ижара төлеминиң бир бөлегин қаплап бериў бойынша комиссияның унамлы жуўмағын алған студентке) айлық ижара төлеминиң төмендеги муғдарлардағы бөлеги төленеди:

    Ташкент қаласында - БЕМның 1 есеси (412 мың сум);

    қалған аймақларда - БЕМниң 0,5 есеси (206 мың сум).

    Егер бир үйде (квартирада) еки ҳәм оннан артық студентлер ижара ҳуқықы тийкарында жасап атырған болса, олардың барлығы ижара шәртнамасында көрсетилиўи керек.

    Арза бериў ушын студент өз факультетиниң жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасарына ямаса ЖОО студентлерин турақ жай менен тәмийинлеў жумысларын муўапықластырыў бөлимине белгиленген тәртипте еки нусқада толтырылған анкета-арза ҳәм ижара шәртнамасының нусқасын тапсырыўы керек.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates