Бул илажларда Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2018-жыл 7-майдағы ПҚ-3698-санлы «Экономика тармақлары ҳәм тараўларына инновацияларды енгизиў механизмлерин жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев тәрепинен 2025-жыл 25-январьда тастыйықланған Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин раўажландырыў бойынша Жол картасында белгиленген мақсет ҳәм ўазыйпалар әмелий көринисте өз сәўлелениўин тапты.
Фестиваль шеңберинде өткерилген «Ең жақсы ойлап табыўшы» таңлаўының университет басқышы студентлердиң инновациялық идеялары, ойлап табыўшылық қәбилети ҳәм әмелий пикирлеў шеберлигин көрсетти. Таңлаўда студентлер өзлериниң илимий-әмелий жойбарлары, жаңалыққа умтылыўы ҳәм изертлеў қәбилети менен ажыралып турды. Бул илаж студентлерди илим ҳәм технология тараўларына кеңнен тартыў, олардың жаңаша қатнаслары ҳәм креатив идеяларын қоллап-қуўатлаўда әҳмийетли қәдем болды.
Мәлимлеме ресурс орайында шөлкемлестирилген «Китапқумар студент» таңлаўы болса жаслардың руўхый-әдеп-икрамлылық көзқарасын байытыў, китапқа болған қызығыўшылығын арттырыўға хызмет етти. Таңлаў қатнасыўшылары тәрепинен оқылған шығармалар бойынша пикир-усыныслар, аналитикалық шығыўлар ҳәм ашық пикирлесиўлер өткерилип, китапқумарлық мәдениятын және де беккемлеўге тийкар жаратылды. Заманагөй ҳәм классикалық әдебиятлар бойынша алып барылған пикир-таласлар студентлердиң еркин пикирлеў ҳәм таллаў қәбилетин және де раўажландырды.
Фестиваль шеңберинде шөлкемлестирилген дебат интеллектуаллық ойыны студентлерге тек ғана өз билими ҳәм логикалық пикирлеў қәбилетин сынақтан өткериў емес, ал топар болып ислесиў ҳәм сөйлеў шеберлигин раўажландырыў имканиятын жаратты. Факультетлерден таңлап алынған қәбилетли студентлер социаллық темаларда бәсекилесип, олар қыйын мәселелерге индивидуал ҳәм жәмәәтлик қатнасларды алға қойды. Ҳәр бир команда өз позициясын дәлиллер менен беккемлеп, қарсылас тәреп пикирлерине логикалық шешимлер менен жуўап берип, тартысыў процесин мазмунлы түрде алып барды.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде өткерилген бул илажлар «Студентлер бәҳәри» фестивальының және бир жарқын бети сыпатында студентлердиң дөретиўшилик, илимий, руўхый ҳәм интеллектуаллық потенциалын көрсетиўде үлкен әҳмийетке ийе болды. Бундай басламалар жас әўладты белсенди, билимли, еркин пикирлей алатуғын, инновацияларға бейим ҳәм елдиң раўажланыўына үлес қоса алатуғын шахс етип тәрбиялаўда қол келеди.
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.