Студентлер Наўрызды байрамлады

    16 наурыз 2025 89

    Үш мың жылдан аслам тарийхқа ийе болған Наўрыз – өзинде барлық миллий үрп-әдет дәстүрлеримиз бенен қәдириятларымызды жәмлегени менен халқымыз ушын оғада қәдирли есапланады. Быйылғы Наўрыз байрамы елимизде “Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз!” сүрени астында улыўмахалықлық сейил тәризинде көтериңкилик жағдайында белгиленбекте.

    Усындай байрам илажы Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында болып өтти.

    Байрам илажында филиал директоры Аманжол Аяпов шығып сөйлеп, жыйналғанларды бәҳәр әййямы – Наўрыз байрамы менен қызғын қутлықлады ҳәм соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында социаллық-экономикалық турмысымыздың барлық тараўларында түпкиликли реформалар , соның ишинде билимлендириў тараўына да жасларымыздың оқып билим алыўы ушын барлық мүмкиншиликлер жаратылып атырғанын атап өтти.

    – Бул бағдардағы жумыслардың әмелий көриниси сыпатында 2024-2025-оқыў жылында жасларымыз ушын қосымша квоталардың ажыратылыўы, сондай-ақ, магистратура басқышында оқып атырған ҳаял-қызларымыздың шәртнама төлемлери мәмлекетимиз тәрепинен төлеп берилмекте.-деди филиал директоры Аманжол Аяпов.-Соны айрықша атап өтиўимиз тийис, ҳәр жылы байрам мүнәсибети менен Ташкент ҳәм Нөкис қалаларында өткерилетуғын салтанатлы байрам илажларында филиалымыздың дөретиўши жаслары да халқымыздың белгили көркем өнер ийелериниң қатарында өз концерт бағдарламалары белсене қатнасып, өзлериниң дөретиўшилик қәбилетлерин көрсетип келмекте. Әлбетте, усындай билимли, қәбилетли жаслардың жетилисип шығыўы оларға билим берген узстазлардың, қалаберсе жәмәәтимиз ушын үлкен мақтаныш есапланады.

    Байрам илажында ҳәр қыйлы миллий тағамлар, ата-бабаларымыздан мийрас болған үй буйымларының көргизбеси шөлкемлестирилди.

    Сондай-ақ, илажда миллий спорт ойынлары болған арқан тартысыў, тас көтериў ҳәм қол гүреси сыяқлы ойынлар өткерилип, жеңимпазлар сыйлықланды.

    Байрам кешесинде «Тумар» ансамбли ҳәм студент-жаслар тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы жыйналғанлар нәзерине усынылды. Ашық аспан астында өткерилген театрластырылған концерт бағдарламасы бәршениң кеўилине йош ҳәм жоқары кейпият инам етти.

    Өткерилген илажға Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Б. Темирбаев қатнасты.

    Адилбай Оразов,

    Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.