Онда Германия, Россия, Түркия, Әзербайжан, Малайзия, Беларусь, Украина, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан сыяқлы жигирмаға шамалас мәмлекеттиң жүзден аслам университетлеринде оқып атырған 700 ден аслам студент офлайн ҳәм 4000 ға шамаласы онлайн түрде қатнасты.
Онда қатнасыўшы студентлер жәҳән стандартлары талапларына жуўап беретуғын 7-әўлад симулиациялық роботлар арқалы еки басқышта тест сынақлары ҳәм әмелий тапсырмаларды орынлаў шәртлери тийкарында беллести.
Олимпиада өзбек, рус ҳәм инглис тиллеринде алып барылды. Онда Қарақалпақстан медицина институтының студентлери Ерназар Абдимуратов (нейрохирургия) ҳәм Сийпатдин Бимбетовлар (терапиялық стоматология) екинши, Мансур Султанов (фармакология), Мийригүл Дәлибаева (неврология) ҳәм Шахноза Изимбетовалар (Балалар стоматологиясы) үшинши орынларды ийеледи. Оларға бүгин оқыў орнында диплом ҳәм арнаўлы номинациялар тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.