баннер
31 Mar 2025
14:19

    Суд уйымлары тарийхы ҳаққында дәслепки китап баспадан шықты

    21 Yanvar 2025 95

    Қарақалпақстан судларының тарийхы ҳәм бүгинги күнинен дерек беретуғын, Қарақалпақстанда суд уйымларының қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўының тийкарғы басқышлары, бийғәрез суд ҳәкимиятының шөлкемлестирилиўи, сондай-ақ суд тараўында хызмет еткен, ҳәзирги ўақыттағы судья ҳәм хызметкерлер ҳаққында сөз етиўши «Қарақалпақстан Республикасы судлары: тарийх ҳәм бүгин» деп аталған китап баспадан шықты.

    Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан Республикасы судында китапты кең жәмийетшиликке таныстырыў мақсетинде презентация өткерилди. Оған тарийхшы ҳәм ҳуқықтаныўшы илимпазлар, юристлер, суд ветеранлары ҳәм судьялар, ғалаба хабар куралларының ўәкиллери қатнасты.

    Илажды Қарақалпақстан Республикасы суды баслығы К.Тарихов ашты ҳәм алып барды. Ол китаптың жазылыў тарийхы, мағлыўматларды топлаў ҳәм оларды жәмлеп бир китап ҳалына келтириўге шекемги болған басқышлар, тарийхшы илимпазлар менен өз-ара бирге тығыз байланыста жумыс алып барылғанының нәтийжеси барлығы жаңа китапта өз көринисин тапқанлыгын атап өтти.

    Атап өтилгениндей, бул китап тийкарынан «Қарақалпақстан судлары тарыйхынан, Ғәрезсизлик дәўиринде Қарақалпақстан Республикасы судлары, Қарақалпақстан судлары бүгинги күнде» деген үш бөлимнен ибарат. Жасырарлығы жоқ, усы күнге шекем Қарақалпақстан судлары тарыйхы ҳаққында бирде-бир китап баспадан шықпады, бул бағдардағы илимий жумыслар да дерлик жоқтың қатарында. Негизинде Қарақалпақстан судларының тарийхы узақ өтмишке барып тақалады ҳәм бүгинги күнге шекем өзиниң бир неше раўажланыў басқышларынан өтип келген.

    Илажда усы китапты жазыўда тиккелей қатнасқан тарийхшы илимпазлар, суд ветеранлары, экспертлер де шығып сөйлеп, республикамыз судлары тарийхындағы биринши тарийх ҳәм бүгинди өзинде сәўлелендирген китаптың баспадан шыққаны менен бәршени қутлықлап, бул бағдардағы дәслепки қәдемлердиң қутлы келгенлигин ҳәм даўамлы болыўын, бул жолда өзлериниң бар билим ҳәм тәжирийбесин жумсап жәрдем бериўге таяр екенлигин билдирди.

    Илажда Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының баслығы А.Нурлипесов шығып сөйлеп, жаңа китапты жазыўда белсендилик көрсетип, бирге ислескен илимпазлар менен бирге, устаз нуранийларға да миннетдаршылық билдирди.

    Буннан соң, бир топар тарийхшы илимпазларға, суд ветеранлары ҳәм суд хызметкерлерине миннетдаршылық сыпатында «Қарақалпақстан Республикасы судлары: тарийх ҳәм бүгин» китабы саўға етилип, ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech