Судьялар корпусына жаңа ағзалар қосылды

    5 тамыз 2025 148

    Қарақалпақстан Республикасы судында гезектеги Президиум мәжилиси шеңберинде әҳмийетли ҳәм салтанатлы илаж – биринши мәрте судьялық лаўазымына тайынланған жаңа судьялардың ант қабыл етиў мәресими болып өтти.

    Бул илаж тек ғана суд-ҳуқық системасындағы әҳмийетли ўақыя емес, ал мәмлекетимизде суд еркинлигин тәмийинлеў, әдилликти орнатыў ҳәм пуқаралардың ҳуқықларын исенимли қорғаў жолындағы және бир әмелий қәдем болып есапланады.

    Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2025-жыл 28-июль күнги қарарына тийкарланып, биринши бес жыллық мүддетке судьялық лаўазымына тайынланған Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша Төрткүл районлық судының тергеў судьясы Б.Сабуров, Жынаят ислери бойынша Нөкис қалалық судының судьясы А.Шыныбеков, Пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлараралық судының судьясы Б.Опаева, Пуқаралық ислери бойынша Беруний районлараралық судының судьясы А.Алдамуратовалар қатнасты.

    Ант етиў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы К.Тарихов шығып сөйлеп, жаңа судьяларды қутлықлады ҳәм оларға үлкен исеним билдирип, жуўапкершиликли, соның менен бирге мақтанышлы судьялық жумысында табыслар тиледи. Ол өзиниң шығып сөйлеген сөзинде судья кәсиби тек ғана юридикалық билимлер емес, ал жоқары адамгершилик пазыйлетлер, әдиллик, қалыслық ҳәм нызамға садықлық талап етилетуғынын атап өтти.

    Суд уйымларында узақ жыллардан берли даўам етип киятырған “Устаз-шәкирт” дәстүри шеңберинде жаңадан тайынланған судьяларға тәжирийбели ҳәм абырайлы судьялар устаз сыпатында бириктирилди. Бул, өз гезегинде, олардың жаңа лаўазымға тезирек бейимлесиўинде ҳәм кәсиплик өсиўинде әҳмийетли фактор болады.

    Илажда қатнасқан устаз судьялар, ата-аналар шығып сөйлеп, жаңа ағзаларға өзлериниң жақсы тилеклерин билдирди. Судьяларға үлкен жуўапкершилик жүкленгени, олар шығаратуғын ҳәр бир қарардың артында инсан тәғдири турғаны айрықша атап өтилди.

    Жаңа судьялар да өз сөзлеринде билдирилип атырған исенимди ақлаўға ҳәм тек ғана нызам тийкарында әдил қарарлар қабыл етиўге ўәде берип, олар билим ҳәм тәжирийбелерин халық мәпи жолында аямай жумсайтуғынын мәлим етти.

    Мәресим жуўмағында ҳәр бир жаңа судьяға Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм “Судьялар әдеби” китабы салтанатлы түрде тапсырылды. Бул рәмзий саўғалар судьялық ўазыйпасында нызам үстинлиги ҳәм кәсиплик этикаға әмел етиўдиң тийкарғы нормасы екенин және бир мәрте ескертти.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates