Реже қамсызландырыўшы ямаса қайта қамсызландырыўшылардың қамсызландырыў хызметлери көрсетилиўи сапасы бойынша рейтингин анықлаў ҳәм жүргизиў тәртибин белгилейди.
Перспективалы жойбарлар миллий агентлиги усы тараўда ўәкилликли мәмлекетлик уйым болып есапланады.
Рейтинг Агентликтиң бирден-бир автоматластырылған мәлимлеме системасында қәлиплестириледи ҳәм рәсмий веб-сайтында ҳәр айдың 10-санында жаңаланған ҳалда жәрияланып барылады.
Қамсызландырыўшы төмендеги көрсеткишлер тийкарында дәўирлик пенен баҳаланады:
улыўма көрсеткишлер;
балларды азайтыўшы көрсеткишлер;
қосымша балл бериўши көрсеткишлер.
Рейтинг мағлыўматлары бойынша қамсызландырыўшының наразылықлары болғанда, өзиниң жеке кабинети арқалы ўәкилликли мәмлекетлик уйымға мүрәжат етеди.
Баҳалаў көрсеткиши бойынша қамсызландырыўшы тәрепинен билдирилген наразылықлар усынылған күннен баслап ўәкилликли уйым тәрепинен 5 жумыс күни ишинде көрип шығылады.








