Ушырасыўда Р.Сапарбаев Қарақалпақстан Республикасында инвесторларға жаратылған имканиятлар ҳаққында мағлыўмат берди.
Институтта әмелге асырылып атырған жойбарлар бойынша да мағлыўматлар берилип, мийманлар институттың тәжирийбе хожалығы менен танысты.
Ушырасыўда Muhammad Wahbalar илимпазлар IFAS компаниясының қайта таярлаў орайында бирге ислесиўге таяр екенлигин билдирди. Dr. Young IFAS компаниясы имканиятлары ҳаққында презентация иследи. Бул компанияда 1000 нан аслам хызметкерлер жумыс ислеўи менен биргеликте, тийкарғы бағдары суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў ҳәм нәтийжели басқарыў болып табылады. Ҳәзирги күнге шекем Ҳиндстан, Пакистан, Малайзия, Казақстан ҳәм Африкадағы бир неше мәмлекетлерде жойбарларды әмелге асырған болып, Dayu компаниясы Қарақалпақстанда да өз жойбарын әмелге асырыўды белгилеген.
Бундай жойбарлар арқалы кейинги басқышта фермер хожалықлары менен бирге ислесиў режелестирилген.
Мысал ретинде, Dayu компаниясының жойбарларында орташа 3300 га. майданда суў ресурсларын басқарыўға тек ғана 12 адам қатнасыўы жойбарлардың нәтийжели екенлигин көрсетеди. Республикамызда бундай суўды үнемлеўши технологиялардың енгизилиўи аўыл хожалығында суўдың жумсалыўын азайтыў менен бирге, өнимдарлықты арттырыўға мүмкиншилик жаратады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.