Қарақалпақстанлы суўшылар да бул жойбарда белсене қатнаспақта.
– Усы жойбар тийкарында 2024-жылы система шөлкемлеринен Қарақалпақстан насос станциясы ҳәм энергетика басқармасы тәрепинен Хожели районындағы резервтеги жерден 11 гектар майданға “Суўшылар бағы” шөлкемлестирилди,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң мәлимлеме хызмети баслығы Ғ.Атажанов.
Буннан тысқары, Хожели районындағы Жаңажап аўыл пуқаралар жыйыны аймағында 5 гектар майданда “Жаңа бағ’” шөлкемлестирилип, оған 2250 түп мийўели ҳәм саяманлы терек нәллери егилди.
Улыўма миллий жойбардың гүзги мәўсиминде жәми 221,0 мың түп нәл егиў белгиленип, нәллерди егиўдиң күнлик бөлистириўи (график) ислеп шығылып, барлық система шөлкемлеринде бул бағдардағы жумыслар қызғын даўам етпекте.
Сондай-ақ, каналлар әтирапына мәўсим басынан 184 мың 100 түп нәл отырғызылып, реже 83,3 процентке орынланды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.