Сурхандәрьяда исбилерменлик ушын кең имканиятлар ашылады

    21 қараша 2024 13

    Президент Шавкат Мирзиёев 22-ноябрь күни Сурхандәрья ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў, инвестиция ҳәм исбилерменлик орталығын және де жақсылаў илажлары бойынша мәжилис өткерди.

    Аймақларды раўажландырыўға қаратылған системалы жумыслар нәтийжесинде бул оазисте де кең имканиятлар ашылмақта. Келеси жылы Сурхандәрьяға 2 миллиард доллар инвестиция тартыў, 425 мың халықты бәнт етиў ҳәм экспортты 320 миллион долларға жеткериў режелестирилген.

    Мысалы, «Айритом» халықаралық саўда зонасында бир айда орташа 5 миллион долларлық өним сатып атыр. Оның аймағы 150 гектарға кеңейтилсе, және 250 миллион долларлық жойбарларға орын болады.

    Қытайлы инвесторлар Боботоғ аймағындағы мыс ҳәм гүмис кәнлерине 2,7 миллиард доллар инвестиция киргизип, 2 мың жумыс орнын жаратыўды усыныс етип атыр. Буның нәтийжесинде жылына 600 миллион долларлық таяр өним экспорт етиў имканияты жаратылады.

    Шерабадтың Вандоб ҳәм Чорбоғ аймақларында болса вольфрам, көмир, ас дузы, кварц сыяқлы тәбийғый ресурслар резерви бар. Бул кәнлерге 320 миллион доллар инвестиция тартылып, 1,5 мың жумыс орнын жаратыў мөлшерленген. Бандихон районындағы 50 гектар майданда Термиз еркин экономикалық зонасының филиалын ашыў режелестирилген.

    Аўыл хожалығында да еле иске қосылмаған имканиятлар көп. Мысалы, Байсын ҳәм Узун районларының тәбияты ферула жетистириў ушын қолайлы. 18 мың гектар жайлаў ҳәм тоғай жерлери усы мақсетте халыққа берилсе, 4 мың адамның бәнтлиги тәмийинленеди. Узын, Шўрчи ҳәм Қумқорғандағы усындай жайлаўларда қойшылық ҳәм қарамалшылық комплексин шөлкемлестириў мүмкин.

    Музрабаттағы 17 коллекторда топланатуғын суў дерлик 4 мың гектарда салы жетистириў имканиятын береди. Бул арқалы жылына 8,5 мың тонна гүриш алынады, 400 адам турақлы және 4,5 и мәўсимлик жумыс пенен бәнт болады.

    Қизириқ районында 300 гектар ыссықхана, Алтынсайда 1 мың гектарда жүзим бағы шөлкемлестирилип, базарға қолайлы өнимлер жестириў да жақсы экономикалық нәтийже береди.

    Сангардак, Аманхона, Байсын аймақларында туризм шараятларын жақсылап, кеминде 1 миллион туристти тартыў бойынша бағдарлама ислеп шығылады.

    Мәжилисте Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкими усы сыяқлы имканиятларды иске қосыў бойынша режелер менен таныстырды.

    Мәмлекетимиз басшысы исбилерменлик басламаларын әмелге асырыў, кәнлер тийкарында таяр өнимлерди ислеп шығарыў, саўда ҳәм хызметлерди раўажландырыў бойынша көрсетпелер берди. Дийқаншылық ушын жаратылып атырған ҳәр бир майдан халықтың бәнтлиги ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигине хызмет етиўи керек екенлиги атап өтилди.


    ӨзА