Сурхандәрья ўәлаятындағы таўлы аймақлар, суў сақлағышлар, дәрья жағалықлары ҳәм көллерде тәбиятқа зыян жеткермеген ҳалда экотуризм инфраструктурасы раўажландырылмақта.
Қумқорған районындағы "Қубла Сурхан суў сақлағышы" аймағында 15,7 гектар майданда ири туристлик комплекс қурылысы режелестирилген. Жойбардың баҳасы - 140 миллиард сум. Оған бола:
заманагөй коттедж үйлери, бассейн, автомобиль турыў орны ҳәм автомобиль жуўыў шақапшалары;
саўда ҳәм улыўма аўқатланыў орынлары, суў үсти әйўанлары;
спорт ҳәм балалар майданшалары, пиядалар жоллары;
балықшылық ҳәм көклемзарластырыў жумыслары әмелге асырылады.
Соның менен бирге, ақаба суўларды тазалаў системасы енгизилип, экологиялық талапларға сай жол ҳәм инфраструктура жаратылыўы нәзерде тутылған.
Ўәлаят ҳәкими Улуғбек Қосимов суў сақлағыш аймағына барып, жетилистирилген жойбар презентациясы менен танысты ҳәм қурылыс жумысларын басқышпа-басқыш әмелге асырыў бойынша тапсырмалар берди.
Мағлыўмат ушын: "Қубла Сурхан" суў сақлағышы буннан 58 жыл бурын иске қосылған болып, теңиз қәддинен 408 метр бийикликте жайласқан. Суў қәдди бети - 65 км2, улыўма сыйымлылығы болса 800 миллион м3 ти қурайды.






