Президент Шавкат Мирзиёев халық, экономика тармақлары ҳәм исбилерменлик субъектлерин жанылғы-энергетика ресурслары менен исенимли тәмийинлеў, сондай-ақ, халық ҳәм исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў мақсетинде Министрлер Кабинетине электр энергиясы ҳәм газ бойынша жаңа тарифлердиң күшке кириў мүддетин кешиктириў тапсырмасын берди.
Жаңа тарифлер алдын режелестирилгениндей 1-апрельден емес, 1-майдан күшке киреди.
2024-жыл 16-апрельдеги Министрлер Кабинетиниң тийисли қарарына буны нәзерде тутыўшы өзгерис киргизиледи.