Таңлаў Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги ҳәм Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги менен биргеликте мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң тәрбияланыўшылары арасында тәбият ҳәм қоршаған орталықты қәстерлеп сақлаўды үгит-нәсиятлаў мақсетинде шөлкемлестирилди. Онда жарыстың жуўмақлаўшы басқышына шекем жетип барған 28 жас талант ийелери қатнасты.
Мағлыўмат ушын, усы жылдың июнь-июль айларында таңлаўдың сайлап алыў басқышлары өткерилди. Таңлаўдың мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми басқышында 30 352 тәрбияланыўшы өзлериниң дөретиўшилик жумыслары менен қатнасты. Олардың 18 057 и ул балалар, 12 295 и қыз балалар болып табылады. Таңлаўдың район (қала) лық басқышы 7 375, ўәлаятлық басқышы болса 416 тәрбияланыўшыны қамтып алды.
Ер балалар арасында:
1-орын - Мустафо Абдураҳмонов (Әндижан ўәлаяты Пахтаобод районындағы 7-МШБМ тәрбияланыўшысы);
2-орын - Улуғбек Акбаров (Самарқанд ўәлаяты Каттақорған районындағы 31- МШБМ тәрбияланыўшысы)
3-орын - Ҳабибулло Мадатов (Наўайы ўәлаяты Навбаҳор районындағы 4- МШБМ тәрбияланыўшысы).
Қызлар арасында:
1-орын - Айсанем Сапарбаева (Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласындағы 35-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми тәрбияланыўшысы);
2-орын - Зилола Султонмуродова (Самарқанд ўәлаяты Самарқанд районындағы 2- МШБМ тәрбияланыўшысы)
3-орын - Саодат Дўстмуродова (Бухара ўәлаяты Пешку районындағы 19- МШБМ тәрбияланыўшысы).
Жуўмағында таңлаў жеңимпазларына диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды, деп хабар береди Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлигиниң баспасөз хызмети.









