"Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў - бул бизиң стратегиялық жолымыз! Исбилерменлик қаншелли тез раўажланса, мәмлекетимиз соншелли қүдиретли болады, халқымыз соншелли абадан жасайды.
Декабр айындағы "ашықтан-ашық сөйлесиў"де тийкарынан ири исбилерменлер менен сөйлесип, кейинги режелерди белгилеп алдық.
Бүгин киши ҳәм орта бизнесте тез өсип атырған исбилерменлерге жәрдем берип, оларды да "чемпион"ға айландырыў ушын не ислеў керек, деген сораўға сизлер менен биргеликте жуўап табыўымыз зәрүр", - деди мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдында.