– Ҳәр жылы студентлер турақ жайында усы байрамды белгилеп, студентлер менен биргеликте жүўери гүртик таярлап, ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырған үрп-әдетлер, дәстүрлер ҳәм қәдириятлар ҳаққында сәўбетлесемиз, өз ара пикир алмасып, тарийхымыз және мәдениятымыз ҳаққында мағлыўматлар беремиз. Бул байрам ўәлаятлардан келген студентлер арасында да оғада қызығыўшылық пайда етеди. Олар қарақалпақ халқының миллий тағамы жүўери гүртик ҳәм оның таярланыўы ҳаққында мағлыўматларға ийе болады. Әлбетте, бул байрам арқалы биз елимиздиң өзине тән мәденияты, тарийхы, салт-дәстүрлери ҳәм миллий тағамымыз есапланған жүўери гүртикти дүнья жүзине танытыўға үлес қосамыз, – дейди Студентлер турақ жайы директоры Мийўагүл Қаллибекова.
Байрам илажында институт студентлери миллий кийимлерде халқымыздың қыз-жигитлер айтысын өткерип, соның менен бирге, миллий дәстүрлеримиз, олардың тарийхы ҳаққында баҳалы мағлыўматларға ийе болды. Илаж шеңберинде студентлер турақ жайы жәмәәти, жасыүлкен апалар ҳәм жаслар биргеликте миллий тағам – жүўери гүртикти таярлап, байрам дастурқанына тартты.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, 2023-жылдан баслап Қарақалпақстан Республикасында 25-февраль жәмийетлик баслама тийкарында «Жүўери гүртик күни» сыпатында халқымыз арасында кең түрде белгиленип келинбекте.
Ҳәр жылы усы сәнеде халқымыз үлкен аўызбиршилик үлгисин көрсетип, тек ғана шаңарақларда дастурқан әтирапында емес, соның менен бирге, мийнет жәмәәтлери, оқыў орынлары, кафе ҳәм ресторанларда да жоқары көтериңкилик пенен өткерилмекте.
Әлбетте, бундай басламалар ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырған дәстүрлерди келешек әўладларға жеткериўде айрықша әҳмийетке ийе болмақта.
Минажатдин Қутлымуратов,
«Янги Ўзбекистон» хабаршысы.









