Билимлендириўдиң сапасын сыртқы баҳалаў менен шуғылланыўшы айрықша еркин структура шөлкемлестирилиўи мүмкин

    Сиясат 30 сәуір 2025 2528

    Президент Шавкат Мирзиёев 30-апрель күни мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлери системасын жетилистириў, жоқары ҳәм кәсиплик билимлендириўде сапаны арттырыў илажларының презентациясы менен танысты.

    Экономика тармақларының раўажланыўы ҳәм Инвестициялық орталық, бәринен бурын, кадрлар потенциалы менен тығыз байланыслы. Соның ушын жоқары ҳәм кәсиплик тәлим системасы турақлы жетилистирип барылмақта.

    Соңғы жыллары билимлендириў тараўында жеке меншик секторға берилген имканиятлар себепли 71 жеке меншик жоқары оқыў орны ҳәм 51 жеке меншик техникум шөлкемлестирилип, оларда 500 мыңға шамалас студент ҳәм оқыўшылар оқымақта. Соның нәтийжесинде мәмлекетте жоқары билимлендириў менен қамтып алыў 9 проценттен 42 процентке артты.

    Әлбетте, ҳәзирги күнге шекем әмелге асырылған жумыслар көплеген жаслардың кәсиплик ҳәм жоқары мағлыўмат алыўына имканият жаратады. Бирақ, мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлериниң бәршесинде де билимлендириўдиң сапасы бирдей тәмийинленбеген.

    Мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлеринде қабыллаў параметрлери, билимлендириў бағдарламалары, оқыў процесслери ҳәм илимий имканиятты сапа жағынан жақсылаў, оларды заманагөй мийнет базары талапларына бейимлестириў ең тийкарғы мәселелерден бири болып есапланады.

    Соның ушын презентацияда мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиўди тәртипке салыў, лицензиялаў системасын жетилистириў ҳәм мәмлекетлик аккредитациядан өткериў бойынша жаңа системаны енгизиўге қаратылған усыныслар додаланды.

    Бул бағдарда алдыңғы сырт ел тәжирийбелери тийкарында еки басқышлы лицензиялаў системасына өтиў, билимлендириў бағдарламаларын арнаўлы аккредитациядан өткериў ҳәм ҳәр бес жылда комплексли мәмлекетлик аккредитацияны шөлкемлестириў бойынша усыныслар билдирилди.

    Сондай-ақ, презентацияда раўажланған мәмлекетлердиң ең алдыңғы тәжирийбесинен келип шыққан ҳалда, билимлендириўдиң сапасын сыртқы баҳалаў менен шуғылланыўшы айрықша еркин структура шөлкемлестириў ҳәм сапа қадағалаўының ашық-айдын, әдил ҳәм ҳадал системасын енгизиў басламасы да алға қойылды.

    Билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеў ҳәм сыртқы баҳалаўдың енгизилиўи кәсиплик ҳәм жоқары билимленрдириў мәкемелеринде оқытыў нәтийжелилигин ҳәм илимий имканиятты арттырып, олардың халықаралық рейтинглердеги орнын жақсылаўға хызмет етеди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates