Шахс тәрбиясының тийкары болған бул буўынларға мәмлекетимиз тәрепинен турақлы итибар қаратып келинбекте. Аймақларда жаңадан-жаңа билимлендириў орынлары қурылып, қәнигелердиң потенциалы арттырылмақта. Сабақлық ҳәм оқыў қолланбалары заман талапларына сай жаңаланбақта.
Мектепке шекемги билимлендириў системасы алдынғы сырт ел тәжирийбелери тийкарында жаңаша раўажланыў басқышына қәдем қойды. Соңғы жылларда бақшалардың саны 8 есеге артып, 38 мыңға, қамтып алыў болса 27 проценттен 76 процентке жетти.
Мәмлекетимизде мектеп билимлендириўин раўажландырыў улыўма миллий ҳәрекетке айланды. Соңғы жети жылда 5 мыңнан аслам мектепте, быйыл 608 мектепте қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары орынланды. Жасларға екинши шет тили ҳәм кәсип үйретиў кеңейтилди. Биринши мәрте 530 мектепте инклюзив билимлендириў жолға қойылды.
Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри гезектеги режелер бойынша мәлимлеме берди.
Атап өтилгениндей, келеси оқыў жылында 100 ден аслам мектеплер шөлкемлестирилип, 257 мың оқыўшы орны ашылады. Мәмлекетлик билимлендириў бағдарламасы халықаралық стандартлар талапларына муўапықластырылады.
Екинши шет тили оқытылатуғын мектеплер 420 ға, кәсип-өнер үйретилетуғын мектеплер 400 ге жеткериледи.
Дүньядағы алдынғы тәжирийбелер, жаңа усыллар әмелиятқа енгизилмекте. Соның ишинде, быйыл 1 мың 500 улыўма билим бериў мектебинде жаңа баҳалаў системасы енгизилди. Нәтийжелер анализинен келип шығып, бул тәжирийбе және кеңейтиледи.
Муғаллимлерге маманлық категориясын бериўде де санластырылған системаға өтилген. Енди категориясын арттырған педагоглар хошаметленеди, оларға топлаған балына қарап 70 процентке шекемги үстеме бериледи.
Мәмлекетимиз басшысы маманлық сынақлары тәртибин жетилистириў, саламат бәсеки орталығын жаратып, барлық педагогларға тең имканият бериў зәрүрлигин атап өтти.
Усы мақсетте кейинги жылдан аймақлардағы қәнигелигин арттырыў орайларында оқыў процесслери өзгертиледи. Онда ҳәр бир муғаллимниң мүтәжлигинен келип шығып, дифференциалласқан тәжирийбе арттырыў системасы енгизиледи. Маманлық сынағынан өтпегенлер айрықша бағдарлама тийкарында қосымша оқытылады.
Ўәлаятлардағы 5 Педагогикалық шеберлик орайы заманагөй шараятта жумыс баслайды. Барлық орайлар ситуациялық оқыў техникалары ҳәм виртуал лаборатория менен үскенеленеди.
Билимлендириў шөлкемлерине маман басшыларды тартыў ҳәм жумысын қоллап-қуўатлаў мақсетинде, қосымша дәреклер есабынан, мектеп ҳәм бақшалардың директорлары ҳәм олардың орынбасарларын материаллық хошаметлеў усынысы билдирилди.
Билимлендириў менен тәрбия үзликсиз алып барылады.
Өзбекстан Президентиниң усы жыл 15-ноябрьдеги қарарына муўапық, оқыўшыларды шақырыўға шекемги басланғыш таярлаў системасына итибар күшейди.
Жоқары классларда әскерий ўатансүйиўшилик сабақлары бир саатқа көбейтилди. Бул бағдардағы оқытыўшылардың абырайын арттырыў ушын оларға әскерий атақ бериў тәртиби белгиленди.
Келеси оқыў жылына шекем бул пән бойынша жаңа сабақлықлар ислеп шығылады, кәсиплик потенциалы жоқары муғаллимлер жумысқа тартылады. Қорғаныў министрлиги менен биргеликте 208 билимлендириў орнында "Мәртлик мектеплери" шөлкемлестириледи. Бул мектеплерге тәрбиясы аўыр оқыўшылар да қамтып алынады.
Усы жылы 30-сентябрь күни тараўға байланыслы және бир әҳмийетли ҳүжжет - мектепке шекемги билимлендириўдиң сапасын ҳәм нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша Президент пәрманы қабыл етилди. Оған муўапық, 2025-жылдан баслап, мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми директорының орынбасары лаўазымы енгизиледи. "Методикалық шеберлик сааты", "Методикалық шеберлик күни" сыяқлы тәжирийбе арттырыў түрлери шөлкемлестириледи.
Кейинги жылы 162 мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси қурылады, 100 жеке меншик ҳәм мың шаңарақлық бақша ашылады. Булар арқалы мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў 78 процентке жеткериледи. Мектепке таярлаў топарлары менен баслаўыш класс оқыў бағдарламаларының избе-излиги арттырылады.
Президентимиз тараўды барлық аймақларда раўажландырып, улыўма билимлендириўдиң сапасын арттырыў, онда, әсиресе, шетки районларға айрықша итибар қаратыў бойынша көрсетпелер берди.