Алдын хабар бергенимиздей, 2024-жыл 29-октябрь күни Мойнаққа жаңа ишимлик суўы линиясын тартыў жумысларына старт берилген еди. Жаңа суў линиясы 5 мың куб метр суў жеткериў ҳәм 1300 ден зыят хожалықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў имканиятына ийе.

Жойбар Азия раўажландырыў банки есабынан қаржыландырылып, жойбар баҳасы 8,21 миллион долларды қурайды.

Жойбар тийкарында Мойнақ районындағы Қызылжар АПЖның «Әлий» аўылы, Ҳәким ата АПЖның «Дослық» аўылы, Мәдели АПЖның «Шеге» аўылы, Бозатаў АПЖның «Әмиўдәрья», «Қыпшақдәрья», «Таллық» аўыллары, Үшсай АПЖның «Үшсай», «Тоқпақ ата» аўылларына ҳәм район орайындағы мәкан пуқаралар жыйынлары аймақларына «Түйе мойын» суў сақлағышынан ишимлик суўы жетип барады.

Ҳәзирги жумыслар Бозатаў АПЖның «Таллық» аўылында алып барылмақта.

– Мине бүгин аўылымыз бенен үлкен қуўанышқа бөленип атырмыз. Себеби, аўылдағы суў мәселеси көп ўақыттан берли шешилмей киятырған машқалалардың бири еди. Ҳәр жерден қазылған баспа кранлардан суў алып ишип отыр едик. Енди аўылымызға кран тартып атырыпты. Президентимизден, Жоқарғы Кеңес ҳәм район басшыларынан бул ушын миннетдармыз. Енди аўыл турғынлары ишимлик суў мәселесинен қыйналмайды деген үмиттемиз,-дейди аўыл турғыны Алий Бекбердиев.

Жаңа ишимлик суўы линияларын тартыў жумыслары қызғын даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.