18 Apr 2025
11:15

    Тақыятастағы жаратылған имканиятлар менен таныстық

    16 Mart 2025 1046

    Орынларда ашық-айдынлықты тәмийинлеў ҳәм социаллық-экономикалық тараўда жүз берип атырған өзгерислер, жетискенликлер менен қәте-кемшилилерди кең жәмийетшиликке таныстырыў мақсетинде ғалаба хабар қуралларының қатнасыўында пресс- турлар шөлкемлестирилип келинбекте.

    Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының тапсырмасына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Өзбекстан журналистлер аўқамы Қарақалпақстан бөлими ҳәм Тақыятас районы ҳәкимлиги менен биргеликте Тақыятас районында пресс-тур шөлкемлестирилди. Онда ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасып, орынларда болып, мәмлекетимиз тәрепинен жаратылып атырған имканиятлар, олардан нәтийжели пайдаланып атырған жаслар турмысы, спорт, қурылыс тараўындағы исленип атырған жумыслар, жумыссыз жаслардың өзин-өзи бәнт етип, шаңарағына қосымша дәрамат киргизип атырғанлығы ҳәм абаданластырыў жумыслары менен танысты.

    Биз районда болғанымызда дәслеп спорт мектебиниң биринши базасында болып, ол жердеги спорттың Джиу-ждитсу спорт түри менен шуғылланып атырған спортшы балалардың турмысы менен таныстық. Кең ҳәм ҳаўалы, заманагөй жақсы спорт залда тренерлериниң басшылығында шынығыўлар алып барып атырған спортшы жаслар, әсиресе ертеңги келешегинен үмит күттиретуғын кишкене балалар ҳәр қандай адамның итибарын тартпай қалмайды. Көринисинен ғайратлы, чемпионатларда қарсыласларына ҳеш қандай пурсатты қолдан бермей, жарысларда елимиз байрағын бәлентлерге көтерип жүрген чемпион жасларды усы залда көргенимизден қуўанышқа бөлендик.

    -Спорт мектебизимизде «Басламалы бюджет» есабынан капитал оңлаў жумыслары алып барылып, пайдаланыўға тапсырылды. Миллий гүрес ҳәм джиу-ждитсу спорт түринен 500 ден аслам спортшы жаслар спорт пенен турақлы шуғылланып келмекте. Оларға тәжирийбели тренерлеримиз Жасур Тажибаев, Орынбай Оразымбетов, Замир Қурбанбаев, Қудайберген Наўрызбаев, Бегзат Жуллибаев, Расул Хайтеков, Жасмина Азатовалар спорт сырларын үйретип келмекте,-дейди спорт мектептиң методисти Алымбай Рахимов.

    Соңғы ўақытларда мәмлекетимиз тәрепинен жумыссыз жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ушын имканиятлар жаратылып, оларға өз бизнеслерин баслаў ушын субсидиялар ажыратылып, жеңиллетилген кредитлер берилмекте. Усындай имканиятлардан нәтийжели пайдаланған райондағы «Абат мәкан» МПЖда жасаўшы Хайтбаев Махсуд ҳәм Дильназа Муратованың шаңарағында болып, олардың үй қапталындағы ыссыханада гүл өсирип, оннан мол дәрамат таўып атырғанлығы ҳәм шырайлы гүллер әлеми менен таныстық.

    -Гүл дүканымызға дәслеп сырттан буйыртпа тийкарында гүллерди алдыратуғын едик. Соң өмирлик жолдасым менен ойласып, жеңиллетилген кредит алып, үй қапталы қыйтақ жеримизден ыссыхана қурып гүллерди өзлеримиз егип, жетистирип, гүл дүканымызда сата басладық. Ҳәзирги ўақытта ыссыханамызда гүллердиң 15 тен аслам түри бар. Тийкарынан роза гүлиниң үш түрин жетистирип атырмыз. Лимон, қурма дарағымыз да мийўе бериў алдында тур. Дәраматымыз жақсы. Бир күнлик дәраматымыз 700, 800 мың сумды қурайды,-дейди Дильназа Муратова.

    «Нурлы келешек» АПЖ Тақыятас районының ең шетки аймақларының бири. Биз ол жерде болғанымызда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 18-сентябрдеги «Ислам раўажланыў банки ҳәм ОПЕК халықаралық раўажланыў қорының қатнасыўында» Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў» жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында» ғы қарары тийкарында 90 орынлық мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси имараты қурылысы менен таныстық. Балалар бақшасы имараты еки қабаттан ибарат болып, «Нөкис еркин қурылыс» ЖШЖ тәрепинен қурылмақта.

    -Аўылымызда бурын балалар бақшасы жоқ еди. Мине балалар бақшасы қурылып атырғанынан шексиз қуўанышлымыз. Қурылыс ислери жақсы алып барылып атыр. Бул ушын басшыларымызға, қурылысшыларымызға миннетдармыз,-дейди аўыл турғыны А.Хожаниязов.


    Мәмлекетимиз бойлап алып барылып атырған абаданластырыў, көклемзарластырыў жумыслары Тақыятас районында да кең көлемде әмелге асырылмақта. Биз «Найманкөл» АПЖда жайласқан «Кетменши» қойымшылығы әтирапында абаданластырыў жумысларын алып барып атырған мәҳәлле турғынларының жумыслары менен танысқанымызда ол жерде көп миллетли халқымыздың миллетлер аралық татыўлығының гүўасы болдық. Жасы үлкенлер, көше бийлериниң басышылығында алып барылып атырған бул илажда журналистлер мийўели дарақлар егиўге өз үлесин қосып, олар менен сәўбетлести.

    Илаж даўамында район ҳәкимиятында пресс конференция өткерилип, онда қатнасқан район ҳәкиминиң орынбасларлары ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қызықтырған сораўларына жуўап берди. Алдағы ўақытларда ғалаба хабар қураллары ўәкиллери менен бирге ислесиў мақсетинде жобалар режелестирилип, келеси илажларда ири өндирис орынлары менен танысыў мәселелери келисип алынды.

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech