Бул ҳаққында "Дунё" МА хабар бермекте.

Илаж шеңберинде Латвия пайтахтына авиакомпанияның биринши жүк самолётын салтанатлы күтип алыў мәресими шөлкемлестирилди.

Онда Латвия транспорт министриниң орынбасары Андулис Жидковс, Рига халықаралық аэропортының басқарма баслығы Лайла Одиня, "Латвия почтасы" баслығының орынбасары Гирс Рудзинс ҳәм Мәмлекетлик дәраматлар хызметиниң бажыхана мәселелери бойынша бас директоры, бажыхана басқармасының директоры Раймондс Зукулс қатнасты.

Латвия тәрепиниң атап өтиўинше, жаңа ҳаўа жөнелисиниң ашылыўы Өзбекстан ҳәм Латвия арасында транспорт-логистика бирге ислесиўин раўажландырыўда әҳмийетли қәдем болады, Орайлық Азия ҳәм Европа Аўқамы арасында саўда-экономикалық байланысларды беккемлеўге хызмет етеди.

Андулис Жидковс Ташкент ҳәм Рига арасында тиккелей жүк авиақатнаўларының жолға қойылыўын Өзбекстанның Орайлық Азия регионындағы әҳмийетли логистика орайы сыпатындағы позициясын буннан былай да беккемлеў белгиси, деп билетуғынын атап өтти.

«Flykhiva» авиакомпаниясы енди "Ташкент - Рига" жөнелиси бойынша ҳәптесине бир мәрте турақлы түрде жүк рейслерин әмелге асырыўды режелестирмекте. Тасылып атырған жүклердиң тийкарғы бөлегин экспорт өнимлери, Өзбекстаннан ЕА мәмлекетлерине почта ҳәм коммерциялық жибериўлер және «TEMU», «AliExpress» ҳәм басқа да халықаралық электрон саўда платформалары арқалы жайластырылған буйыртпалар қурайды.